Қоңыраттағы жаңа өндирислик жойбар

370

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жумысшы топары жақында Қоңырат районына барып, аймақта әмелге асырылып атырған санаат ҳәм аграр жойбарлар менен танысты. Сапар даўамында “QONYRAT GOLDEN EGG”  ЖШЖ қусшылық хожалығында болды.

2023-жылы шөлкемлестирилген “QONYRAT GOLDEN EGG” ЖШЖ бүгинги күнде заманагөй қусшылық хожалығы сыпатында хызмет көрсетпекте. Кәрхана басшысы Улуғбек Асановтың билдириўинше, хожалық мәйек жетистириўге қәнигелескен болып, онда Германияда жетистирилген “Lohman Sandy” нәсилли таўықлар бағылмақта. Бул қуслар Қанлыкөл районындағы “Агро Бизинесс Қанлыкөл” ЖШЖ арқалы алып келинген. Жойбардың улыўма баҳасы 2 миллиард сумды қурайды.

Ҳәзирги ўақытта хожалықта 32 мың бас таўық бағылмақта. Жақын арада бул көрсеткиш 40 мың басқа жеткерилиўи режелестирилген. Қус хожалығы комплекси 4,5 гектар майданда жайласқан болып, жылына 7,5 миллион дана мәйек шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрханада ҳәзирги ўақытта 10 жергиликли пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Жумысшы топар кәрханадағы машқалаларды тыңлап, шешимлери бойынша усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.