Елимиз оқыўшылары халықаралық көркем өнер фестивалында биринши орынды ийеледи

437

Испанияның белгили Лорет де Мар қаласында “ Sea Sun Festival ” халықаралық жас дөретиўшилердиң көркем өнер фестиваль-таңлаўы болып өтти.

Оған Өзбекстан Көркем өнер академиясының Республикалық қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты (РҚКМИ) сүўретшилик бөлиминиң оқыўшылары да қатнасты.

Фиесталониа Миленио шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген бул халықаралық таңлаўда төрешилер қурамы ағзалары елимиз жасларының шығыўларын жоқары баҳалады.

Таңлаў ағзаларының жуўмағына бола, РҚКМИ сүўретшилик бөлими оқыўшылары Эзоза Исроилова, Сафия Олимжонова, Марина Романовская өз бағдарларында ҳәр бири биринши орынға мүнәсип деп табылды.

Гулноза Бобоева, ӨзА