Өзбекстан ЖБШ ҳәм Швейцария экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң глобал Бағдарламасында белсене қатнаспақта

Брюсселде Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлоновтың Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери Ян Сондерс пенен ушырасыўы болып өтти.
186 мәмлекеттен делегациялар қатнасып атырған бул сессияда Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери бар имканиятлардан келип шығып, тек ғана онға шамалас мәмлекет бажыхана хызметиниң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыў өткере алатуғынын айрықша атап өтиў керек.
Бул мәмлекетлер қатарында Өзбекстанның да бар екенлиги бажыхана тараўында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар шөлкемниң турақлы дыққат орайында турғанын аңлатады.
Өзбекстан Жәҳән бажыхана шөлкеми ҳәм Швейцария экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Саўданы қоллап-қуўатлаў глобаллық Бағдарламасында белсене қатнаспақта.
Бағдарламаның 2024-2027-жылларға мөлшерленген екинши басқышы трансшегаралық саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, саўда қәрежетлерин азайтыў, бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар илажларды нәзерде тутады.
Сондай-ақ, Жәҳән бажыхана шөлкеми ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң биргеликтеги жойбарлары шеңберинде қәўип-қәтерлерди басқарыў ҳәм товарларды шығарыў ўақтын үйрениў бойынша 10 ға шамалас семинарларға Бажыхана комитетиниң хызметкерлери белсене қатнасты.
Бажыхана комитети хызметкери Ш.Ниязовтың ЖБШ халықаралық эксперти статусын қолға киргизгени өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында тән алынды.
Комитет баслығы келеси жылы болып өтетуғын Жәҳән бажыхана шөлкеминиң кинология бойынша глобал форумын Өзбекстанда өткериў ҳәм “Ақыллы бажыхана” концепциясы шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў усынысларын алға қойды.
Ушырасыўда тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң келешектеги бир қатар бағдарларын белгилеп алды.
Ш.Маматуропова, ӨзА