Ташкентте “Euronews”тиң офиси ашылды

Пайтахтымызда “Euronews” телеканалының Ташкент офисиниң ашылаўына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Бул илажға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўапкерлери, сырт ел ҳәм елимиз ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери мирәт етилди.
Ҳәммемизге белгили, Президентимиз Шавкат Мирзиёев 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында глобал жәмийетлик-сиясий процесслер шексиз тез пәт пенен өзгерип атырған ҳәзирги оғада қурамалы ҳәм тыныш емес дүньяда ғалаба хабар қуралларының орны ҳәм тәсири ҳәр қашанғыдан да күшли әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Усы мәниде бүгинги күнде елимиз медиа мәканында дүньяның жетекши ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўди кеңнен жолға қойыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Офистиң ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, соңғы жыллары дүньяға жаңаланып атырған Өзбекстан сыпатында танылып атырған мәмлекетимизде көплеген сырт ел медиа структуралары нәтийжели жумыс алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта жетекши мәлимлеме агентликлери, телеканаллар сырт елдеги ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қоймақта. Бул болса мәлимлеме дүньядағы медиа материаллар алмасыўында, алдыңғы жумыс тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыўда, елимиздеги ўақыяларды жедел ҳәм орнында сәўлелендириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Усы телеканал Директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас Давидтың атап өтиўинше, “Euronews”тиң Ташкент офисиниң ашылыўы айрықша әҳмийетке ийе болып, бул мәмлекетлеримиз арасында өзине тән медиа көпир ўазыйпасын атқаратуғынына гүман жоқ. Соны да айтыў керек, “Euronews” бул тек ғана мәлимлеме мәканы емес, ал мәдениятлар, цивилизациялардың өз-ара байланыс орнатқан, тутасқан мәканы болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов кейинги жыллары мәмлекетимизде жәмийетлик турмыстың барлық тараўлары сыяқлы баспасөз ҳәм сөз еркинлигин әмелде тәмийинлеў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң еркин ҳәм нәтийжели жумысы ушын барлық зәрүр шараятлар менен имканиятлар жаратылып атырғанын атап өтти. Ҳәзирги ўақытта журналистика тараўында да халықаралық бирге ислесиў байланыслары барған сайын кеңейип бармақта.
“Euronews” тиң Ташкентте офиси ашылыўы елимиздеги реформалар, жаңаланыў процесслерин дүнья көлеминде кеңирек сәўлелендириў имканиятын беретуғыны сөзсиз.
– Бүгинги глобалласыў дәўиринде дүньяның ҳеш бир мәмлекети мәлимлеме мәканында да өз алдына жумыс ислей алмайды, – деди БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабине Махл. – Өзбекстан барлық мәмлекетлер сыяқлы Европа Аўқамы мәмлекетлери менен де нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойған. “Euronews”тиң Ташкенттеги офисиниң ашылыўы Европа мәмлекетлери менен өз-ара сөйлесиўди тәмийинлеўге қаратылған платформаға айланады.
Ҳақыйқатында да, Европа Аўқамының ең жетекши телеканалларынан болған бул медиа структура күн даўамында үзликсиз мәлимлеме – видео ҳәм аудио контентлерди таярлап тарқататуғын ғалаба хабар қуралы болып есапланады. Бул телеканал дүньяның оннан аслам тилинде хабар тарқатады.
Салтанатлы илажда “Euronews” хабаршылары тәрепинен Өзбекстанда болып атырған жаңаланыў процесслери, реформалар, кең көлемли өзгерислерге байланыслы видеорепортажлардан көринислер менен танысыў имканияты жаратылды.
Илажда көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Назокат Усмонова, ӨзА хабаршысы