Өзбекстан-Әзербайжан: парламентлераралық форум өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығатуғын әҳмийетли платформа

Әййемги ҳәм гөззал Хийўа қаласында Биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламентлераралық форумы болып өтпекте.
“Жаңа имканиятларға қарай: сөйлесиўден биргеликтеги ҳәрекетлерге шекем” атамасында өтип атырған абырайлы әнжуман еки мәмлекет арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, парламентлераралық сөйлесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қаратылған.

Еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы алдында өткерилип атырған әнжуманға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси ағзалары және еки мәмлекеттиң жаслар парламентлериниң ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламентлераралық форумы – бул тек ғана тарийхый ўақыя емес, ал еки мәмлекет парламентлераралық бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығатуғын әҳмийетли платформа екенин атап өтти. Бар имканиятлардан толық пайдаланыў ҳәм Парламентлераралық комиссия шөлкемлестириў арқалы еки тәреплеме байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўымыз керек. Бул форум Өзбекстан сыртқы сиясаты ашық-айдынлық, дослық ҳәм турақлы раўажланыўға қаратылғанының және бир айқын көриниси болып табылады.

Әзербайжан Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрарына тийкарланған, мәмлекетлеримиз арасындағы дослыққа сүйенген парламентлераралық форматта бирге ислесиўдиң жаңа бети ашылып атырғанын атап өтти. Парламентлеримиз жаңа форматта мәмлекетлераралық қатнасықларды тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға түртки береди. Нызамшылық, бизнес ҳәм экономика кесилиспесинде турған тема – киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, мәмлекетлеримиздеги инвестициялық орталықты жақсылаў. Бул тек ғана экономикалық емес, ал социаллық турақлылыққа да тиккелей байланыслы мәселелер болып есапланады. Бул мәселелерди шешиў болса парламентлер алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири.
Форумда дослық топарларының жумысын кеңейтиў, оларды парламентлераралық комиссиялар дәрежесине алып шығыў, биргеликтеги нызамшылық басламаларын ислеп шығыў, жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санлы трансформация ҳәм экология сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы мәселелер додаланбақта.
Сондай-ақ, аймақлық ўәкилликли уйымлар арасында тәжирийбе алмасыў механизмин енгизиў, парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм социаллық, экономикалық раўажланыўдағы ҳәр қыйлы қатнаслардың нәтийжелилигин арттырыў ушын әҳмийетли қәдем есапланады. Бул баслама жергиликли дәрежедеги нызамшылық уйымлары арасында билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға, машқалаларды шешиўде жаңаша қатнаслар ҳәм ислесиў усылларын енгизиўге имканият береди. Нәтийжеде ҳәр бир аймақта унамлы өзгерислер жаратыў ушын қолайлы шараятлар жаратылады.
Форум шеңберинде өткерилетуғын панель сессиялар да усыған қаратылған. Олар арасында парламентлердиң роли, нызамның орынланыўын қадағалаў, бизнес ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, санлы реформалар, мәденият ҳәм туризм тараўларындағы байланыслар, қоршаған орталықты қорғаў және ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың жәмийеттеги орны сыяқлы темалар кеңнен додаланады.
Норгул Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы