«Мениң пенсиям» онлайн хызмети енгизиледи

231

“Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен заманагөй хызметлерди енгизиў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

-Пәрманға бола, пенсия ҳәм ғазнашылық жумысына заманагөй хызметлерди енгизиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

– ғазнашылық ҳәм пенсия тәмийнаты системаларын санластырыў ҳәм автоматластырыў арқалы аймақларда ықшам хызмет көрсетиў офислерин шөлкемлестириў;

-пуқараларға көрсетилетуғын хызметлерди толық электрон ҳәм проактив түрге өткериўге ерисиў.

-Пәрманға бола, 2026-жыл 1-июльден ғазна системасындағы процесслерди автоматластырыў есабынан Санлы ғазна системасы енгизиледи.

-2026-жыл 1-декабрьден пенсия системасында төмендеги процесслерди автоматластырыў арқалы:

-Пуқаралардың ҳәзирги мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақылары ҳаққындағы электрон мағлыўматларға тийкарланып пенсия муғдарларын алдыннан анықлаў бойынша “Мениң пенсиям” онлайн хызмети енгизиледи;

-пенсия тәмийнатына байланыслы барлық хызметлер толық проактив, электрон ҳәм интерактив формаға өткериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги