Және бир ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди

Баҳалы металларға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди. Бул бойынша Президенттиң ПҚ-207-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан төмендегилер бийкар етиледи:
– баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан ислеп шығарылған зергерлик буйымлары ҳәм ярым таяр өнимлерди реализациялаў бойынша айланысты ҚҚСтан азат етиўге байланыслы жеңиллик;
– алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын жыйым.
2028-жыл 1-январьға шекем зергерлик буйымларын ислеп шығарыў яки оларды сатыў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлерге ҚҚСтың 80 проценти ҳәр айдың 25-сәнесине шекем автомат түрде республикалық бюджеттен қайтарылады.
2025-жыл 1-сентябрьден:
– Жеке меншик исбилерменлерге зергерлик буйымларын сатыў жумысы менен шуғылланыўға рухсат бериледи;
– Мәмлекетлик түп нусқалық дәрежесин қадағалаў инспекциясы тәрепинен Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлар орайларында зергерлик буйымларының түп нусқалық дәрежесин тексериў ҳәм оларды тамғалаў бойынша көшпели хызмет көрсетиў жолға қойылады;
– баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында “Soliq” мобиль қосымшасы арқалы хабар берген шахсларға өндирилген жәрийма муғдарының 50 проценти муғдарында сыйлық төленеди.
Алдын, контрафакт ҳәм тутыныўға жарамсыз товарлар айланысына байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленетуғыны ҳаққында хабар берилгенин еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги