59 жоқары оқыў орны THE Impact Rankings 2025 рейтингине кирди

Соңғы жыллары елимизде жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжеси өзин көрсете баслады. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў ҳәм халықаралық рейтинглерде мүнәсип орын ийелеў бойынша избе-из илажлар нәтийжесинде елимиздиң жоқары билимлендириў мәкемелери глобал майданда белсене қатнаспақта. Соның ишинде, Times Higher Education Impact Rankings 2025 рейтингинде Өзбекстанның 59 ЖОО қатнасты ҳәм олардың көпшилиги ҳәр қыйлы бағдарларда унамлы нәтийжелерди көрсетти.
Бул рейтингте Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жетекши орынлардан бирин ийелеп, Өзбекстан ЖООлары арасында ажыралып турды. Университет улыўма 80,5 балл менен 2318 жоқары билимлендириў мәкемелери арасында 201-300-орынлардың қатарынан орын алды, деп хабар бермекте усы жоқары оқыў орнының мәлимлеме хызмети.
Әсиресе, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында ТашМӨТӘУ жәҳән университетлери арасында ТОП-20 лыққа кирип, жоқары көрсеткишке еристи. Сапалы билим бериў (SDG 4) бойынша болса 23-орын, кәмбағаллықты сапластырыў (SDG 1) бойынша 101-200-орынларды ийеледи.
Буннан 9 жыл алдын шөлкемлестирилген ТашМӨТӘУ қысқа ўақыт ишинде тек ғана республикалық емес, ал халықаралық рейтинглерде де өз орнын тапты. Университет БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық илимий-изертлеў, социаллық жуўапкершилик ҳәм билимлендириў тараўында избе-из жумыс алып бармақта.
ТашМӨТӘУ 2022-жылы бул рейтингте 800+ орынлар қатарында қөрсетилген болса, 2023-жылы 600+ орынлар, 2024-жылы болса 301-400-орынлар аралығында болғанлығын атап өтиў орынлы. 2025-жылғы рейтингте болса және де жоқары нәтийжелерге ерискен университет бүгинги күнде мәмлекетимиздеги жетекши жоқары оқыў орынларынан бири сыпатында тән алынбақта.
Бундай нәтийжелер Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелериниң глобал көлемде бәсекиге шыдамлы болып, әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжесин айқын көрсетпекте.
Н.Усмонова, ӨзА