«Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы байрам илажына уласып кетти

346

Мәмлекетимизде Жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар дүнья көлеминде тән алынбақта. Усындай ийгиликли мақсетлер жолында алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде бүгин жасларымыз билимлендириў ҳәм илимде, спортта, IT тараўында, жақсы нәтийжелерге ерисип, исбилерменликте табыслары менен көзге түспекте.

Хожели районы ҳәкимлигинде “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. Еркин пикирлесиў, ашық сәўбет тәризинде өткерилген илажға район ҳәкими Ж.Ермашев, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети район бөлими баслығы Б.Эшбеков, район прокуроры А.Халимов,  жаслар  ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Сөзге шыққанлар мәмлекетимизде жасларға болған итибар жылдан-жылға артып, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде көплеген имканиятлар жаратылып атырғанлығын  атап өтти.

Ушырасыў даўамында Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февраль күнги   «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлер питкериўшилерин хошаметлеўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы 154-санлы қарары тийкарында мектеплердеги қәбилетли питкериўшилерге 18 алтын ҳәм 8 гүмис медальлары салтанатлы түрде тапсырылып, олардың ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық билдирилди. Буннан соң, жасларымыз өзлериниң пикирлери менен ортақласып, басшыларға бир қанша жаңа жойбарларды усыныс етти. Олар өз гезегинде басшылар тәрепинен мақулланып,  анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Район ҳәкиминиң  жаслар менен ашық тәризде өткерилген сәўбети ғалаба хабар қураллары  ўәкиллериниң нәзеринде болып, район аймағында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳақкында бир қанша мағлыўматларға ийе болды. Бәршемизге белгили заманымыз тез пәт пенен раўажланып атырған  ҳәзирги ўақытта баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң орны әҳмийетли. Әсиресе, район турмысының социаллық-экономикалық өзгерислери, реформалар ҳәм жаңалықлар журналистлердиң мийнети арқалы кең жәмийетшиликке жетип бармақта. Усындай жумысларды жарытыўда белсендилик етип киятырған кәсип ийелерине  «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен район ҳәкими Ж. Ермашев тәрепинен миннетдаршылық билдирилди.

Илаж  «Жаслар күни»  не арналған  «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» атамасындағы  концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Онда  район ҳәкими Жеңис Ермашев қатнасып, барлық жасларды қызғын қутлықлады ҳәм келешекте үлкен жетискенликлерге ерисиўин тиледи. Салтанатлы кеше даўамында белгили эстрада жулдызларының атқарыўында кеўилли нама-қосықлар ҳәм аяқ ойынлар атқарылып, халқымызға байрам кейпиятын бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги