Усы жылдың февраль айында өткен ушырасыўда жаслар ушын 40 тан аслам жаңа басламалар жәрияланып, дерлик 500 миллион доллар ажыратылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.
Усы жылдың февраль айында өткен ушырасыўда жаслар ушын 40 тан аслам жаңа басламалар жәрияланып, дерлик 500 миллион доллар ажыратылды.
Быйыл 35 миллиард долларлық 8 мың 300 жойбар иске қосылып, 292 мың жумыс орны жаратылады. Және 500 мың жумыс орнын жарататуғын 83 миллиард долларлық жойбарлар режелестирилген.
Мәселен, энергетикада 20 миллиард, нефть-газ ҳәм химияда 11 миллиард, таў-кәнде 7 миллиард, электротехника ҳәм автомобиль қурылысында 4,5 миллиард долларлық мыңлаған кәрханалар иске қосылады.
Жумыслар басланыўы менен “жасыл” экономика, “жасыл” энергетика, санлы геология, технологиялық минераллар, био-инженерия бағдарларында мыңлаған қәнигелерге талап пайда болады.
– Жаңа технологиялар әсиринде ким утады? Тек ғана креатив пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсиплерди ийелеген қәнигелер. Күш-ғайратыңызды көрип турман, әлбетте сиз, жаслар бул кәрханаларды басқарып, үлкен-үлкен ойлап табыўлар ислейсиз, оларға инновацияларды алып келесиз! Соның ушын, ҳәзирден-ақ бундай жойбарлар ушын кадрлар таярлаўды баслаймыз, – деди Президент.
ӨзА