Президент: интакер, пидайы, ўатансүйгиш исбилерменлер – мениң қанатларым

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.
-Бир нәрсени анық түсинип алыў зәрүр. Баланың жаманы болмайды. Оларға үлкенлердиң меҳири, имканиятларын көрсетиў ушын шараят, өзине исеним болыўы ушын мотивация керек, – деди Президентимиз сөзиниң даўамында.
Мысал ушын, Исбилерменлик жәмийетлик кеңесиниң ағзалары – 108 “чемпион” исбилермен өзлериниң 308 кәрханасы әтирапындағы мектеплерге барып, жоқары класс оқыўшыларын кәсипке қызықтырып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ең әҳмийетлиси, бул оқыўшылардың көпшилиги келешекте өмирин қайсы кәсипке байланыстырыў ҳаққында анық түсиникке ийе болмақта.
-Бундай интакер, пидайы, ўатансүйгиш исбилерменлер – мениң қанатларым.
Айтың, жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды кәсипке жетелеў, жумыслы ҳәм дәраматлы етиў ушын сизлерге және қандай шараят жаратып берейин?
Ири исбилерменлеримиз ҳәкимлер менен ушырасып, усынысларын тез күнде қәлиплестирип берсе, булардың барлығын көрип шығыўға таярман, – деди Президент.
ӨзА