Өткен жылы 150 мыңнан аслам жасларымыз халықаралық тил сертификатларына ийе болды

Жаслардың жоқары оқыў орнына кириў көрсеткиши бойынша Сурхандәрья бир жыл ишинде 11-орыннан 4-орынға көтерилип, үлкен нәтийже көрсетти. Жиззақ ҳәм Сырдәрья да жақсы нәтийже көрсетпекте.
Еки жыл алдын халықаралық пән олимпиадаларында 7 аймақтан 45 оқыўшы сыйлық алған болса, өткен 6 айда олардың қатарына Жиззақ, Әндижан, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Хорезм, Ташкент ўәлаятларының оқыўшылары да қосылып, жәми 166 медаль қолға киргизилди.
“Бир миллион программист” жойбары шеңберинде 325 мың жас оқытылды. Әсиресе, Хорезм, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд жаслары ITден үлкен дәрамат табыўды үйренди.
Және бир мысал: өткен жылы 150 мыңнан аслам жасларымыз халықаралық тил сертификатларын алды, бул 2023-жылға салыстырғанда 2 есеге көп.
Шет тиллерин жетик билиў бойынша Ташкент қаласы, Ферғана, Наманган, Бухара ҳәм Самарқанд жаслары бираз илгерилеп кетти.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.
ӨзА