Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы басланды

Мәмлекетимиз басшысы пүткил Өзбекстан жасларын қутлы әййям-Жаслар күни менен қызғын қутлықлады.
– Кейинги жылларда экономикамыз жедел пәтлер менен өсип, барлық тараўларда имканиятларымыз артып атырғанында, әлбетте, сиз жаслардың да мүнәсип үлесиңиз бар.
Билегинде күш-ғайрат, ҳәр бир ҳәрекетинде жигерлилик көринип турған жигитлеримизди, билим ҳәм әдеплиликте, ақыл-парасатта теңсиз қызларымызды көрип, ҳәр қандай халық, ҳәр қандай мәмлекет бизге ҳәўес етсе арзыйды.
Үлкен-үлкен мәмлекетлер, дүньяның ең абырайлы компаниялары бүгин бизге неге исенеди? Не ушын миллиардлап доллар инвестиция киргизбекте?
Бул, әлбетте, бийкарға емес. Себеби, бирге ислесиўшилеримиз жасларымыздың илим, билимлендириў, IT, мәденият, көркем өнер ҳәм спорттағы жетискенликлерин көрип, потенциалымызға баҳа бермекте, ертеңги күнимиздиң тийкары беккем екенине исеним пайда етпекте,-деди Президентимиз.
ӨзА