Пентагон 2026-финанс жылы бюджетин жәриялады
195

2026-финанс жылы ушын қорғаныў бюджети жойбарында Әскерий-теңиз күшлериниң 287 жаўынгерлик кемесин сақлаў ҳәм және 19 жаңа кемени соғыў қәрежети нәзерде тутылған, деп мәлим етти Пентагон.
АҚШ әскерий департаментиниң жоқары мәртебели ўәкили флотты кеңейтиў қарарын түсиндирип, соралып атырған бюджет 11 миллиард долларлық еки Виржиния маркалы ҳәм бир “Колумбия” суў асты кемелерин сатып алыў нәзерде тутылып атырғанын атап өткен. Сондай-ақ, ядро флотын қурыў ушын кемеқурыў заводларының өндирислик қуўатлылығын арттырыўға 2,5 миллиард доллар ажыратылады.
С.Раҳимов, ӨзА