Белсенди, пидайы, мийнеткеш журналистлер – жадидлердиң ҳақыйқый избасарлары

217

Пайтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы ҳәм «Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен бул саўлатлы сарайға тараў ўәкиллери, устаз журналистлер, медиа тараўында хызмет етип атырған дөретиўшилер, баспа ҳәм полиграфистлер, журналистика бағдарындағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимпаз ҳәм изертлеўшилер мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Медиа тараўы ўәкиллериниң кәсиплик байрамы алдынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Оған бола, демократиялық реформаларды тереңлестириў, пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ашық-айдынлық принципин беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, Жаңа Өзбекстанда ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, жоқары маманлықтағы, заманагөй журналист кадрларды таярлаў, жас әўладты ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўдағы нәтийжели жумысы ҳәм жәмийетлик турмыстқа белсене қатнасқаны ушын бир топар кәсиплеслеримиз Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева әне, усы сыйлықларды өз ийелерине тапсырды.

Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист, «Янги Ўзбекистон» ҳәм «Правда Востока» газеталары редакциясының бас редакторы, устаз дөретиўши Салим Дониёров, «Шуҳрат» медалының ийелери, «Gazeta.uz« интернет басылымының редакторы Элина Сакаева, «Kamoliddin Rabbimov» телеграм каналының тийкарын салыўшысы, сиясаттаныўшы ҳәм блогер Камолиддин Раббимов тараўдың раўажланыўына көрсетилип атырған итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде болып атырған жедел өзгерислер процеси миллий медиа тараўын да унамлы мәниде түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Сөз ҳәм баспасөз еркинлигин әмелде тәмийинлеў, бул бағдарда пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин жүзеге шығарыў, барлық түрдеги ғалаба хабар қуралларын жедел раўажландырыў ушын зәрүр барлық шараятлар менен имканиятлар толық жаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта журналистлеримиздиң дүнья жәмийетшилиги менен тең қәдем таслаўы, және де еркин, нәтийжели, кең көлемли жумыс алып барыўы жолында барлық имканиятлар иске қосылмақта.

Салтанатлы илажда миллий баспасөзимиз, баспа жумысы, ғалаба хабар қуралларын раўажландырыўға көрсетилип атырған итибар ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Ҳақыйқатында да, бүгин белсенди ҳәм пидайы журналистлердиң жар салыўы нәтийжесинде көтерилип атырған машқалаларға жеделлик пенен итибар қаратылып, оларға өз ўақтында ҳәм унамлы шешим табылмақта. Бул бағдарда және де исенимли ҳәм интакер болыў зәрүр екенлиги ҳаққындағы идея Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырғаны дөретиўшилерге барған сайын көбирек илҳам бағышламақта. Бул болса миллий баспасөзимизде, интернет басылымларында, телевидение ҳәм радио арқалы берилип атырған материаллардың және де рәңбәрең, қызықлы, әҳмийетли, социаллық әҳмийетке ийе болыўын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Ҳақыйқатында да, бүгинги пидайы, мийнеткеш, миллет, Ўатан, халық мәплерин өзинен де жоқары қоятуғын журналистлерди елимиздиң келешеги ушын жанын пидә еткен жадид бабаларымызға салыстырсақ, ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз. Себеби, миллий журналистикамыздың даңқлы тарийхы, оның раўажланыўы өз тәғдирин Ўатанның, ел-халықтың тәғдири ағартыўшы жадид бабаларымыздың жумысы, ибратлы ҳәрекетлери менен өз-ара байланыслы.

Салтанатлы илажда «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы шөлкемлестириў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәлимлеме тараўында кең көлемли реформалар алып барылып атырғаны, журналистлердиң жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанына тоқтап өтти, быйылғы «Алтын қәлем» сыйлығы ҳаққында мағлыўмат берди.

«Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда 499 журналист ҳәм ҒХҚ ўәкиллери 3 мың 251 ден аслам дөретиўшилик жумыслары менен қатнасқан. Бул өз гезегинде, жәмийетте жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар процесинде журналистлердиң белсендилигин көрсетеди.

Президентимиздиң 2022-жыл 27-июньдеги «Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде 2023-жылдан баслап «Алтын қәлем» таңлаўының хошаметлеўши номинациялары 5 тен 12 ге көбейтилди.

Усы қарарға муўапық, 1-орын ийеси Өзбекстанда белгиленген базалық есаплаўдың 200 есеси, 2-орын ийеси 175 есеси, 3-орын ийеси 150 есеси муғдарында ақшалай сыйлық бериледи. Сондай-ақ, 12 хошаметлеўши номинацияның ҳәр бир жеңимпазы базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Журналистлер арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўы демократиялық принциплер тийкарында және де ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр жылы таңлаўдың Төрешилер қурамына бағдарлар бойынша устаз журналистлер, медиа тараўдың белгили ўәкиллери киргизиледи. Усынылған дөретиўшилик жумыслар болса теманың социаллық әҳмийети, журналисттиң пуқаралық позициясы, сын көзқарастан таллаў, сөзге жуўапкершилик ҳәм билдириў шеберлиги, дөретиўшилик жумысқа жаңаша қатнас сыяқлы нормалар тийкарында қалыс баҳаланды.

Илажда «Алтын қәлем» Миллий сыйлығына миясар болған кәсиплеслеримизге ақшалай сыйлықлар, дипломлар, арнаўлы статуэткалар тапсырылды. Бас сыйлық «Гулхан» журналы редакциясына (бас редактор Заҳро Ҳасанова) несип етти.

– Мәмлекетимизде журналистика тараўына, әсиресе, балалар ушын сапалы, мазмунлы контент таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта, – деди «Гулхан» журналының бас редакторы Заҳро Ҳасанова. – Бул итибар тараў хызметкерлерин және де илҳам менен дөретиўшиликке ийтермелейди. Балалар басылымларына болған итибар келешекке болған итибар, дегени. Солай екен, келешегимиз әлбетте жарқын болады.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов қатнасты.

Илажда музыкалық бағдарлама көрсетилди.

 

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы