Секундлар өлшенетуғын жер: ўақыт ҳәм жийилик сырлары (+видео)

Бүгинги күнде Өзбекстан миллий метрология институтында бир қатар лабораториялар жумыс алып бармақта. Олардан бири ўақыт ҳәм жийилик лабораториясы болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-апрельдеги ҳәм 2018-жыл 12-декабрьдеги қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги жанындағы Өзбекстан миллий метрология институтында ўақыт ҳәм жийилик эталоны жаратылған.
Хош, бул лаборатория жумысы нелерден ибарат? Өзбекстанда анық ўақыт сигналы қалай қәлиплестириледи?
– Бул лабораторияда бүгинги күнде республикамыздағы ең анық ўақыт сигналлары қәлиплестириледи, – дейди Өзбекстан миллий метрология институтының Радиотехникалық шамалар, ионластырыўшы нурланыўларды өлшеў ҳәм зыянсыз тексериў бөлиминиң баслығы Шероз Исматуллаев. – Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасының анық ўақыт шкаласы Өзбекстан миллий метрология институтында жумыс алып барып атырған ўақыт ҳәм жийилик лабораториясы тәрепинен пайда етиледи.
Елимиздеги санаат тармақларына анық ўақыт сигналларын узатып бериў ушын Түркия миллий метрология институты менен биргеликте ўақыт ҳәм жийилик эталонын иске қосқанбыз. Бул эталон бир ўақыттың өзинде анық ўақыт шкаласы бойынша ўақыт сигналларын пайда етеди.
Буннан тысқары республикамызда әмелдеги телекоммуникация, мәлимлеме қәўипсизлиги, қорғаныў ҳәм банк операциялары тараўында пайдаланылатуғын өлшеў қуралларының нейтрал кесилисиўинен өткериўде пайдаланылады.
Бул лаборатория мәмлекетимиз ушын жаңа есапланады. Яғный 2024-жылға шекем Өзбекстанда миллий ўақыт шкаласы болмаған.
Сәўбетлесиўдиң толық бөлимин ӨзАның YouTube каналында көриўиңиз мүмкин.
Н.Раҳмонова,
Д.Ёқубов (видео), А.Аҳмедов (монтаж), ӨзА