Журналист – қүдиретли сөздиң ийеси

583

Журналистлик жумысымды баслағаныма жигирма жылдан аслам ўақыт болған болса,  усы жыллар ишинде кәсибим себепли түрли ўақыяларды, ҳәр қыйлы тәғдирлерди, түрли адамларды ушыратқан екенмен. Талайыма жазылған усы кәсиптен нан жегизгенине шексиз шүкирлигим бар. Себеби, усы жыллар ишинде қолымда гүўалығым, «мен редакцияданман»,-деп нешше есиклерди қағыппан. Әлбетте,  ҳәмме есиклер де ашық болмаған. Бирақ «бир қапы жабық болса, қалған мың қапы ашық»,-деп жолымызды ары қарай даўам етип кете бергенбиз. Көплеп инсанлардың сәўбетин алыўым, бүгин тәжирийбели журналистлердиң қатарына еристирди.

Адамды турмыс бийлейди екен. Ўақыт өте келе он жыл алдынғы пикириң өзгериўи мүмкин. Себеби, я өзиңниң пикирлеўиң кеңейеди, ямаса сол жағдай басқа тәрепке бурылыс алған болады. Егер өзиниң үстинде ислеп, изленсе ол журналисттиң пикирлеўи өткирлеседи, ўақыяны тереңирек талқылаўды үйренеди, ҳәр қыйлы ракурстан қараў кереклигин түсинип жетеди. Усы кәсипте ислеп мениң де үйренгенлерим көп болды. Түрли басшылар менен ислестик, базыда «қой бул теманы қозғама, жатқан жыланның аяғын басасаң»,-десе, гей биреўи сениң тәрепиңде турып, қайнап атырған «интрига»ның ишинен қызғыштай қорғап алып шыққанында арқаңда үлкен таў турғандай, исеним пайда болады.

Көп ўақыялар газетада ислеген жылларым менен байланыслы. Бир күни қызық ўақыяға жолықтым. Қоңырат районына дөретиўшилик сапар менен «командировка»ға бардым. Мениң тийкарғы «объектлерим» билимлендириў мәкемелери. Бир балалар бақшасына кирип барып өзимди таныстырсам: «Ҳәй сизлер неше адам келесиз, «Устаз»дан кеше келип кетти-ғо, мақсетиңиз не өзи?»-деп баслығы алып топылды. Сонда оған гүўалығым менен «командировочный»ымды көрсеткен гезимде ғана пәсине қайтып, бир күн бурын үлкенирек жастағы ер адам келип, пул дәметип: «сизиң мәкемеңизди жақсылап мақтап, газетаға шығарып беремен»,-деп азын-аўлақ ғәрежет берип жибергенин де жасырмады. Сонда оннан «гүўалығын сорамадыңыз ба?»-десем «ҳеш ойымызға келмепти»,-деп өзлериниң айыбын тән алған еди. Ҳәзирги айырым блогерлерге қусап, мәкемелерди шантаж етиў қыялымызға да келмеген, бирақ бизиң газетамыздың атын «сатып» пул өндиргенлер сол жыллары да табылар еди. Бул жағдайлар ўақыттың өтиўи менен әсте сапластырыла баслады, себеби, бундай жағдайлардың алдын алыўшы ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылды, журналистлик хызметтиң де, пуқаралардың да ҳуқықлары кепилленип, нызамлар қайта исленип,  жетилистирилди…

Ҳәр қандай жаман заттың жақсы тәрепи болғанындай, жақсы заттың да жаман тәреплери болады. Интернеттиң ғалаба ен жайыўы газеталардың «нанын ярым етти». Мәжбүрий жазылыўға тыйым салынған жыллары өз арбамызды өзимиз тартыўға мәжбүр болып, газетаға жазылыўды үгит-нәсиятлаў ушын мектеп, балалар бақшаларына есикпе-есик тентирегенимиз күни кешегидей есимде. Умытып жибериўим де мүмкин емес, себеби, барған жеримизде муғаллимлердиң қандай сөзлер менен «шығарып салғаны»н бир өмир умытпасам керек. Ҳәр ким өзинше ҳақ. Газетаға жазылыў мәселеси елеге шекем өз шешимин таппай атырғаны ойландырады.   Турмысқа шығып кеткен қыздың төркинин ойлағанындай, ҳәр сапары усы мәселеге келгенде аңсарым аўып, қолымнан бир ис келмегенине ишимнен ынжыламан. «Қағаз газеталар бизге енди керек емес деўшилер басым көпшиликти қурағаны бир қыйнаса, газета редакциясында жыллап мийнет етип, көз нурын, өмирин пидә еткен, айлап айлық алмай, ислеп атырған кәсиплеслеримниң тәғдири екинши тәрептен ойға талдырады. Британиялы журналист Малькольм Маггеридж: «Баспа – бул қағаздағы ҳүжданымыз»-деп газетаға баҳа берген еди. Ал бүгин сол ҳүждан умытылып баратырған сыяқлы, ҳеш кимниң оның менен иси жоқ…

Журналист, жазыўшы адам романтик болып келеди: ўақты келип, күшли, талантлы журналистлер сайлап алынып, бир командада «төртинши ҳәкимият»тың раўажланыўын 180 градусқа өзгерте алады, радио-телевидение-газетаға тек уқыплы, талантлы журналистлер қабыл етилип, жумысқа кириўинде инсан факторы рол ойнамай қалады, сол гезлери күшли журналистлер жасалма интеллект пенен бәсекилес болып, тири сөздиң «ийиси» шығып турған жанлы мақалалар жазатуғын болады,-деп мен де қыялдың қурдымына түсип кеттим. Усы жерде бир нәрсеге итибарыңызды қаратпақшы едим, «альфа әўлады» атамасын жаратқан социаллық изертлеўши ҳәм футуролог Марк Маккиндлдиң пикиринше, ҳәр бир әўлад дәўири 15 жыл даўам етеди – дүньядағы сезилерли өзгерислерди ҳәм халықтың  улыўма қәдириятларын көрсетеди. Мағлыўмат ушын соны айтыўымыз керек «альфа әўлады»на 2010-2024-жыллар аралығында туўылған балалар киреди.

Ал быйыл, яғный 2025-жылдан 2039-жылға шекемги аралықта туўылған балалар «бета әўлад»қа тийисли болады – олар технология менен әжайып интеграцияны ҳәм үлкен мәдений өзгерислерди көреди,-деген еди илимпаз.

Биз бета әўладқа: «баяғы өткен заманда»,-деп усы өткен ўақыяларды сөйлеп бергенимизде жаңа заман ўәкиллери қалайынша қабыл ететуғынлығы бизге ҳәзирше  нәмәлим. Бирақ бир нәрсени исеним менен айта алыўым мүмкин, қандай раўажланған цивилизация болмасын, журналист қудиретли сөздиң ийеси болып қала береди. Оның билимин, талантын ҳеш бир жасалма интеллект өзлестире алмаса керек?!

Қундыз Жумағалиева, журналист

Қарақалпақстан хабар агентлиги