Макрон: АҚШтың Иранға ҳүжими нызамсыз

Франция Президенти Эммануэль Макрон АҚШтың Иранға ҳүжими ҳеш қандай нызамлы тийкарға ийе емеслигин ҳәм халықаралық ҳуқық ядролық инфраструктураны жоқ етиўге руқсат бермейтуғынын атап өтти. Бул ҳаққында “Irna news” жазған.
Бул билдириў Америка Ислам Республикасының үш ядролық объекти нышанға алынғанынан бир күн өтип, Тегеран Қураллы күшлери Қатардағы АҚШ әскерий базасына шекленген жуўап ракета соққысын жиберген ўақытта жаңлады.
Еслетип өтемиз, екшемби күни Қурама Штатлардың жаўынгерлик самолётлары Израиль режими менен биргеликте Фордо, Натанз ҳәм Исфахандағы ядро майданына ҳүжим етти ҳәм бул әмелият халықаралық көлемде түрли пикирлерге себеп болды.
Муслим Зиё, ӨзА