Тараў ўәкиллериниң жәмийеттеги орны атап өтилди

Төрткүл районында Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. Илажда район ҳәкими И.Худайбергенов қатнасып, тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады.
Бул илаж дөгерек сәўбети түринде өткерилди. Район ҳәкими баспасөз ҳәм ҒХҚ хызметкерлериниң жәмийеттеги орнын айрықша атап өтип, олардың халыққа мәлимлеме жеткериў, жәмийетте ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм раўажланыўға қосқан үлеслерин жоқары баҳалады. Ҳәким, сондай-ақ, журналист ҳәм дөретиўшилердиң жумысына миннетдаршылық билдирди.
Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, илаж соңында тараў ўәкиллери ҳәм нураный мийнет ветеранлары ҳәкимлик тәрепинен естелик саўғалары ҳәм миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланды. Қызғын орталықта өткен сәўбет журналист ҳәм дөретиўшилерге жаңа темалар ҳәм илҳам дәреги болды.
Бундай илажлар баспасөз хызметкерлериниң жумысын және де хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни ҳәр жылы 27-июньде кеңнен белгиленип, журналистлер жәмийетлик турмыста ҳақыйқатты сәўлелендириўши, халық пенен мәмлекет арасында көпир ўазыйпасын атқарыўшы шахслар сыпатында тән алынады. Өткерилген бул байрам илажы да әне, усындай әҳмийетли ўазыйпаларды және бир мәрте еске салды ҳәм журналистлик жумысты буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бағдарламаларды әмелге асырыўда үлкен руўхланыў ҳәм илҳам дәреги болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги