Район ҳәкими жаслар менен пикирлести

417

Беруний районы ҳәкими И.Хидиров жаслар айлығы шеңберинде қәбилетли жаслар менен ушырасты. Ушырасыўда 2023-2024-оқыў жылын жуўмақлаған 11-класс оқыўшыларына алтын ҳәм гүмис медальлар тапсырылды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Жәми 60 питкериўши усы сыйлықларға ийе болды. Район ҳәкими жасларға өзиниң қызғын қутлықлаўларын жоллады ҳәм турмыста умтылыў, бәрқулла үйрениў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Райондағы улыўма билим бериў мектеплеринен 2834 11-класс питкериўшилери мектепти табыслы тамамлады. Ең белсенди ҳәм билимли оқыўшыларға медальлар тапсырылды, олардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары тапсырылды.


Илаж даўамында “Социаллық сораўнама”да белсендилик көрсеткен 44, 61, 27, 66 ҳәм 65-санлы мектеп директорлары да сыйлықланды. Сондай-ақ, пән олимпиадаларында жеңимпаз болған ҳәм “Бес баслама” жойбарларында қатнасқан жасларға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда жаслар өз пикирлери менен ортақласып, келешек ушын усыныслар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги