Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды тереңлестириў, пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, ашықлық принципин беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, Жаңа Өзбекстанда ерисилип атырған үлкен жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, жоқары маман, заманагөй журналист кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы нәтийжели жумысы ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасы ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Дўстлик» ордени менен
Амангелдиева Раихан Кдирбаевна – Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының Нөкис телерадиоорайы филиалы сүўретлеў топары үлкен электр механиги
Ҳасанов Рўзимбой – «ХХI аср» газетасының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша хабаршысы
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025 –жыл, 26 июнь