Наўқастың жүреги тоқтатып қойылып операция исленди

252

Қарақалпақстанда биринши мәрте жасалма қан айланыў аппараты жәрдеминде жүрекке жоқары технологиялық операциялар өткерилди.

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында жасалма қан айланыў аппараты (AIQ) жәрдеминде қурамалы кардиохирургиялық операция табыслы әмелге асырылды. Бул өткерилген жоқары технологиялы операция медицинаның раўажланыўында әҳмийетли ўақыя болды.

Арттырылған жүрек жетиспеўшилиги, бөлмешелер аралық тосық кемислиги диагнозы қойылған наўқасларға операциялар өткерилди. РҚМЖИО кардиохирурглары ҳәм жергиликли кардиохирург шыпакерлер тәрепинен бөлмешелер аралық перегородканың пластикасы әмелге асырылды – бул операция жүректиң жумысын ўақтынша тоқтатып, қан айланыў функцияларын жасалма қан айланыў аппаратына толық өткериўди талап етеди.

Бул технология себепли хирургиялық бригада жоқары анықлықта жүрек дийўалының анатомиялық пүтинлигин тиклеў, өкпе гипертензиясы ямаса жүрек жетиспеўшилиги сыяқлы кейинги асқыныўлардың алдын алыў имканиятына ийе болды.

– Бундай операциялардың нәтийжели әмелге асырылыўына хызметкерлерди комплексли таярлаў, алдыңғы методикаларды енгизиў ҳәм операциялық блокты заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў арқалы ерисилди. Бул Қарақалпақстан халқына жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўда жаңа имканиятларды береди,-дейди филиал директоры С.Бегалиев.

Операция нәтийжели жуўмақланды. Наўқаслар реанимация ҳәм интенсив терапия бөлиминде қәнигелердиң қадағалаўында. Олардың жағдайы турақлы деп баҳаланбақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги