Өзбекстан баспасөзи – архив ҳүжжетлеринде

364

Газета ҳәм журналлар, күнделикли басылымлар, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер қалай таярланады? Олардың артында кимлердиң машақатлы мийнетлери жәмленген?

Ташкент Фотосүўретлер үйинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы “Өзархив” агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлери миллий агентлиги, Ташкент Фотосүўретлер үйи менен биргеликте “Өзбекстан баспасөзи архив ҳүжжетлеринде” атамасындағы көргизбеде әне усы сораўларға толық жуўап алыў имканияты бар.

Илажда миллий баспасөзимизге көрсетилип атырған итибар журналистлерди және де үлкен жуўапкершилик ҳәм пидайылық пенен мийнет етиўге шақырып атырғаны атап өтилди.

Бул көргизбеде Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлери миллий архивинде сақланып атырған 1928-2021-жылларға байланыслы сүўретлер және Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги тәрепинен усынылған елимиздиң баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының раўажланыўын сәўлелендириўши 150 ден аслам фото ҳүжжетлер көрсетилмекте.

Көргизбеде күнделикли басылымларда өткерилген дөретиўшилик ушырасыўлар, сөйлесиўлер, қызғын мийнет процесслери, баспаханалардың жумысы, интервью ҳәм сәўбетлер, республикалық орайлық ҳәм аймақлық, жергиликли газета ҳәм журналлар, телерадиостудиялардың жумыс процесслери, медиа материаллар үстинде жумыс алып барыў, хабаршылар, баспалар, полиграфшылардың машақатлы жумысы фотосүўретлерде сәўлелендирилген.  Соның менен бирге, бул жерде телерадио тараўының пидайы хызметкерлериниң мийнети менен де ҳәр қыйлы фотосүўретлер арқалы танысыў мүмкин.

Бул көргизбе арқалы миллий баспасөзимиз машақатлы ҳәм табыслы жолларды басып өткенине және бир мәрте гүўа болыў мүмкин.

Назокат Усмонова,  Ойбек Пардаев (фото),  ӨзАның хабаршылары