Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў системасына исеним халықаралық дәрежеде тән алынды

Бүгин Ташкентте “STADA Health Report 2025” халықаралық сораўнамасы нәтийжелерине бағышланған презентация болып өтти.
Онда жергиликли қәнигелер ҳәм экспертлер қатарында Қазақстан мәмлекетинен усы тараў ўәкиллери онлайн қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген экспертлердиң атап өтиўинше “STADA Health Report 2025” сораўының әҳмийети сонда, ол халықтың денсаўлықты сақлаў системасына болған исеними, саламат турмыс тәризине мүнәсибети ҳәм профилактикаға итибар дәрежесин анықлап, мәмлекеттеги медициналық хызметлердиң нәтийжелилиги бойынша қалыс көзқарас пайда етиў имканиятын береди. Бул мағлыўматлар мәмлекетлик сиясатта денсаўлықты сақлаўды және де жетилистириў, халықтың талапларына сәйкес профилактикалық бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм медициналық хызметлерден қанаатланыў дәрежесин арттырыўға хызмет етеди. Сонлықтан, бундай халықаралық изертлеўлер жәмийетте саламатлық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм тараўдың раўажланыўын белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе.
“STADA Health Report 2025” изертлеўи ҳәр қыйлы мәмлекетлерде жасайтуғын адамлардың денсаўлыққа болған мүнәсибети, фармацевтика ҳәм медициналық саўатлылық дәрежеси және денсаўлықты сақлаў тараўындағы заманагөй тенденцияларды тереңирек түсиниўге жәрдем беретуғын кең көлемли пикирлерди өз ишине алғанын атап өтиў керек. Сол себепли, ол өз тараўындағы ең ири халықаралық изертлеў есапланады.
Бул сораўдың нәтийжелерине бола, өзбекстанлы респондентлердиң 67 проценти мәмлекеттеги денсаўлықты сақлаў системасынан қанаатланыўшылық билдирген. Бул көрсеткиш 22 мәмлекет қатнасқан изертлеўде ең жоқары нәтийжелерден бири сыпатында атап өтилди.

“STADA” компаниясының Өзбекстандағы бас директоры ҳәм “Өзбекстан ҳәм Қырғызстан” кластерлериниң басшысы Бахтиёр Ҳожимуҳамедовтың атап өткениндей, быйылғы изертлеў Батыс, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азиядағы мәмлекетлерде өткерилген. Респондентлерге физикалық ҳәм руўхый саламатлық, профилактика, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасынан қанаатланыў дәрежеси, шыпакерлер ҳәм фармацевтлерге болған исеним сыяқлы мәселелерге байланыслы 30 дан аслам сораўлар берилген.

– Өзбекстан халқы бул сораўда үшинши мәрте қатнаспақта. Быйылғы жылдың нәтийжелери өткен жылғы көрсеткишлерден бир қанша әҳмийетли өзгешеликлерди көрсетпекте ҳәм буған итибар қаратыў керек. Изертлеўге бола, Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў системасынан қанаатланыў дәрежеси 60 проценттен артқан. Бул болса қатнасыўшы мәмлекетлер арасында ең жоқары көрсеткишлерден бири болып есапланады. Бул пуқаралардың денсаўлықты сақлаў системасына исеними сақланып атырғаны ҳәм тармақтағы реформалар нәтийже берип атыр, деген жуўмақ береди. Айырым машқалалар бар екенине қарамастан, мәмлекетте медициналық жәрдем сапасына болған исеним турақлы болып қалмақта. Биз STADA глобал жәмәәтиниң бир бөлеги сыпатында халықтың саламатлығын қоллап-қуўатлаўды өзимизге тийкарғы ўазыйпа, деп билемиз. Изертлеў тийкарындағы мағлыўматлар арқалы биз жумыс алып барып атырған мәмлекетлерде адамлардың саламат турмыс кешириўине не тосқынлық етип атырғанын толық түсиниўге ҳәм бул тосқынлықларды сапластырыўға умтыламыз,-деди Б.Ҳожимуҳамедов.
Изертлеў нәтийжелери “STADA” фармацевтика компаниясы тәрепинен ҳәр жылы шөлкемлестирилетуғын “STADA Health Report 2025” шеңберинде таярланды. Оған бола, респондентлердиң 66 проценти саламат турмыс тәризине әмел етиўге умтылады ҳәм тап сондай адамның денсаўлығына ғамхорлық ететуғынын билдирген. Сондай-ақ, 91 процент респондент саламат аўқатланыўды кеселликлердиң алдын алыўда әҳмийетли фактор, деп есаплайды. Соның менен бирге, профилактикалық тексериўлерде қатнас дәрежеси төмен болып қалмақта. Тек ғана 31 процент респондент турақлы тексериўден өтип атырғанын билдирген болса, 39 проценти улыўма бармайтуғынын айтқан. Оған тийкарғы себеплер сыпатында ўақыттың жетиспеўшилиги, материаллық имканияттың шекленгенлиги ҳәм емлеўханада инфекция жуғыўдан қорқыў сыяқлы факторлар атап өтилген.
Жуўмақлап айтқанда, “STADA Health Report 2025” нәтийжелери денсаўлықты сақлаў мәселелери пуқаралардың турмысында әҳмийетли орын ийелеп атырғанын көрсетти. Соның менен бирге, медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў, исенимди және де беккемлеў ҳәм профилактикалық хызметлерге кеңирек итибар бериў мәселелери әҳмийетлилигинше қалмақта.
Презентация жуўмағында экспертлер қатнасыўшылардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берди.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА