Китапқумар жаслар хошаметленди

Төрткүл районындағы Шорахан АПЖ аймағында жайласқан “Ақ кептер” жазғы саламатландырыў дем алыў орайында жаслар ушын руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илаж Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Төрткүл районлық бөлими ҳәм районлық Мәлимлеме-китапхана орайы менен биргеликте өткерилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Илаж “Ең билимли китапқумар жаслар” сүрени астында шөлкемлестирилип, оқыўшылар арасында китапқумарлық бойынша сораў-жуўаплар өткерилди. Сораўларға дурыс жуўап берген жасларға миннетдаршылық хатлары ҳәм китаплар тапсырылды.
Сондай-ақ, балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды ҳәр қыйлы кәсип-өнерлерге қызықтырыў мақсетинде “Бәркамал әўлад” балалар мектеби дөгерек басшылары тәрепинен “Шығыс базары” көргизбели илажы да көрсетилди. Онда балалар өзлериниң қол мийнетлери менен таярлаған жумысларын усынды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы М.Юсупова, районлық Мәлимлеме-китапхана орайының директоры У.Матниязов ҳәм басқалар қатнасты.
Жаслар нама-қосықлар астында көтериңки кейпиятта қатнасып, китап ҳәм илимге болған қызығыўшылығын және бир мәрте көрсетти.


Бундай илажлар китапқа болған сүйиспеншиликти күшейтеди ҳәм жас әўладтың руўхый дүньяқарасын байытыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги