Өзбекстан-Франция сөйлесиўи: санлы раўажланыўға қәдем

Өзбекстан – Франция қатнасықларында санлы тараўдағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Самарқанд қаласында болып өткен БМШ Мәмлекетлик хызмети форумы шеңберинде санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Франция Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда санлы технологиялар, санластырыў, жасалма интеллект, IT аутсорсинг, мәмлекетлик хызметлерди трансформациялаў, санлы шешимлер мәселелери додаланды.

Министр Өзбекстанда санлы ҳүкимет ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, санлы хызметлерди кеңнен енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өз гезегинде, елши Франциядағы санластырыў процесслери, санлы хызметлерден пайдаланыў мәденияты ҳәм тараўдағы алдынғы тәжирийбелер ҳаққында айтып, бул бағдарда Өзбекстан менен тығыз бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў барысында IT аутсорсинг потенциалын раўажландырыў, Франция елшиханасының имканиятларынан келип шығып, өзбек IT-компанияларының Европа базарларына шығыўына жәрдемлесиў ҳәм басқа да мәмлекетлерге IT хызметлерин экспорт етиў мәселелери де додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер санлы трансформация, киберқәўипсизлик ҳәм IT экспортын раўажландырыў тараўларында бирге ислесиўди және де тереңлестириў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.
Н.Раҳмонова, ӨзА