Энергия тәмийнатын жақсылаў бойынша қандай жумыслар исленбекте?

“Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалында кәрхана тәрепинен быйылғы жылдың ѳткен дәўиринде әмелге асырылған жумыслар, тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўдеги жаңалықлар ҳәм алдағы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының барысына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Филиал тәрепинен 2025-2026-жылдың гүзги-қысқы мәўсимине таярлық көриў мақсетинде 2411,3 километрлик электр узатыў тармақлары, 730 дана трансформатор пунктлерине ири оңлаў ҳәм 4528,2 километрлик электр узатыў тармақлары менен 1571 трансформатор пунктлерине киши оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.
2025-жылдың январь-май айларының режеси бойынша ири оңлаўға 990,5 километрлик электр узатыў тармақлары, 317 трансформатор пунктлери киргизилген болып, соннан әмелде 1089,1 километрлик электр узатыў тармақларына ҳәм 345 трансформатор пунктлерине ири оңлаў жумыслары алып барылды.
Республикамыз бойынша 2025-жылы мәмлекетлик қарарлар тийкарында, жәми 0,4-110 кВ.лы электр узатыў тармақларын жаӊадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары, жәми 9459 темир-бетон бағаналары, 401 км. 0,4-6/10кВ, 37,5 км. 110кВ.лық электр узатыў тармақлары ҳәм 1 дана подстанция, 88 дана трансформатор пунктлерин жаңадан қурыў ҳǝм реконструкциялаў жумысларын ислеў режелестирилген. Бүгинги күнде әмелде жәми 6019 темир бетон бағаналары, 0,4-6/10кВ – 312,3 км, 35-110кВ – 10.0 км. электр узатыў тармақлары ҳәм 1 подстанция, 60 трансформатор пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылып, “Өзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен қабыл етилди. Қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам етпекте.
Бул жумыслардың табыслы орынланыўы нәтийжесиде жәми 15200 ден аслам шаңарақтың электр энергия менен тәмийинлениўи жақсыланады.



Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги