Жаңа инвестициялық бағдарламалар ҳәрекетте

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен исбилерменлик субьектлериниң жумысын ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди.
Пресс-тур шеңберинде ҒХҚ ўәкиллери елимизде жумыс алып барып атырған “Тумарис Тоур” туристлик агентлигине барып, агентликтиң хызмет түрлери, бағдарлары, сондай-ақ, туристлер ушын жаратылып атырған шараятлар менен танысты. Бул агентлик ҳәзирги ўақытта ишки ҳәм сыртқы туризм хызметлерин жолға қойған болып, Египет, Түркия, Грузия, Әзербайжан, Қырғызстан, БАӘ, Россия, Маврикий ҳәм Черногория мәмлекетлерин сыртқы туризм бағдарлары менен қамтып алған. Ишки туризм шеңберинде болса туристлерге Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы елимиздиң бийбаҳа тарийхый қалаларына саяхатлар усыныс етилмекте.
Агентлик тәрепинен ҳәр бир туристтиң жеке талап ҳәм усынысларынан келип шыққан ҳалда индивидуал турлар ҳәм авиабилетлерди таярлап бериў хызметлери де жолға қойылған. Бул нәрсе қарыйдарларға және де қолайлы ҳәм нәтийжели хызмет көрсетиў имканиятларын жаратпақта.


Буннан соң ҒХҚ ўәкиллери Тақыятас районында жайласқан “Surxon Taqiyatosh Tekstil” ЖШЖ тигиўшилик кәрханасының жумысы менен жақыннан танысты.

Бул кәрхана 180 жумысшыға мөлшерленген болып, ҳәзирги күнде 150 ден аслам жергиликли ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Тигиўшилик цехында жаратылған шараятлар, заманагөй жумыс кестеси ҳәм қәўипсиз мийнет орталығы жумысшылар ушын мүнәсип шараят жаратыўға қаратылған.
Кәрханада таярланып атырған кийим-кеншеклер тийкарынан сыртқы базарға, атап айтқанда, Россия Федерациясына экспорт етилмекте. Бул болса кәрхананың халықаралық базардағы абырайын ҳәм экспорт потенциалын және де раўажландырыўға хызмет етеди.
Пресс-турдың гезектеги мәнзили районда енди қурылысы алып барылатуғын балалар дем алыў орайы болды. Бул дем алыў орны алдын көп жыллардан берли бос турған орын болғанлығы себепли исбилермен тәрепинен усыныс киргизилип 49 жылға ижараға алынған. Бүгинги күнге шекем бир қанша абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, ҳәзирги ўақытта орай аймағында балалар ушын батутлар, суўда ҳәрекетленетуғын катер сыяқлы кеўилашар обьектлер жумыс алып бармақта. Бул жазғы дем алыс дәўиринде балалардың мазмунлы ҳәм қәўипсиз дем алыўын тәмийинлеўде әҳмийетли дәслепки қәдем есапланады.
Исбилермен менен сәўбетлесиў ўақтында бул жойбар инвестиция бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырғанын ҳәм бүгинги күнде орайды буннан былай да раўажландырыў, дем алыў орнын заманагөй көриниске келтириў ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бойынша режелерин айтып өтти.
Пресс-тур жуўмағында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Илажда басқарма баслығының орынбасарлары М.Косназаров ҳәм А.Сейтаховлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар, мәмлекет тәрепинен жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, жаңа бизнес басламаларын хошаметлеў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў мақсетинде исбилерменлерге жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер бойынша мағлыўмат берди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги