ҚМУдың және бир хызметкери жынаят үстинде қолға алынды
Коррупция, алдаўшылық, басқалардың исенимине кирип олардың мүлкин алдаў жолы менен өзлестириў сыяқлы жынаятлардың алдын алыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары арқалы ҳәм орынларда кең жәмийетшилик арасында өткерилип атырған илажларға қарамастан елеге шекем усындай жынаятқа қол урып атырғанлардың ушырасып атырғаны ашынарлы жағдай.
Департаменттиң Шоманай районлық бөлими, МҚХ ҚРБ ҳәм ҚР ИИМ тәрепинен өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң офис менеджери А.Н. хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда пуқара П.Қ.ның исенимине кирип, жоқары лаўазымдағы басшылар арқалы оны бир миллион сум есабынан бир ҳәпте даўамында оқыўға келмегени ушын, сондай-ақ, бир ярым миллион сум есабынан имтиханлардан өткерип бериўди ўәде етип, Нөкис қаласы Ш.Абдиров көшеси бойында жәми еки ярым миллион сум пулды алып атырған ўақтында айғақлы дәлиллер менен жынаят үстинде қолға алынды.

Жағдай бойынша А.Н.ға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў, сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги