Саламат тис – инсан денсаўлығының тийкары

293

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хызмети тәрепинен Республикалық балалар стоматология поликлиникасына ғалаба хабар қууралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Республикалық балалар стоматология поликлиникасы Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан емлениў ушын келген балаларға стоматологиялық жәрдем көрсетеди. Поликлиника бир күнде 250 баланы қабыллаў мүмкиншилигине ийе болып, онда емлеў бөлими, хирургиялық ҳәм басқа да кабинетлер бар. Поликлиникада Ташкент МПИ Нөкис филиалының стоматология иси факультетиниң оқыў базасында студентлерине әмелий ҳәм теориялық сабақлар да өтиледи.

Атап өтилгениндей, тистиң наўқас болыўынан сақлаў бала ўақтынан басланыўы керек. Республикалық балалар стоматология поликлиникасына келген наўқаслардың 50 проценти тис қатты тоқымалар кеселлиги менен, 21 проценти тисин алдырыў ушын, 15 проценти аўыз қуўыслығы силекей қабатының кеселлиги менен, 6 проценти бет-жақ тис қатарларының аномалиясы, 21 проценти басқа да кеселликлер менен келеди екен.

Хожалық есабындағы бөлимди шөлкемлестириўдеги мақсет – балаларға көрсетилип атырған стоматологиялық хызметти қосымша қәрежет табыў менен жетилистириў ҳәм поликлиниканы ҳәзирги заманға сай реконструкциялаў, заманагөй әсбап-үскенелер, стоматалогиялық жумсаў материалларын сатып алыў, хызметкерлердиң мийнет ҳақысын қосымша бюджеттен тысқары табылған қәрежетлер есабынан көбейтиў болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта поликлиникада Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып жумыслар алып барылмақта.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар бөлимлердеги балаларды емлеў ушын жаратылып атырған шараятлар менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги