АҚШ ҳәм Украина Президентлери ушырасты

Украина Президенти Владимир Зеленский Гаагадаги НАТО жетекшилери саммити шеңберинде АҚШ жетекшиси Дональд Трамп пенен ушырасты. Бул ҳаққында социаллық тармақ арқалы мәлим етилген.
Зеленский Трамп пенен узақ ҳәм мазмунлы ушырасыў өткергенин атап өткен:
– Әҳмийетли мәселелер көтерилди. Мырза Президентке ҳәм АҚШқа миннетдаршылық билдиремен. Биз оқ атыўды тоқтатыў ҳәм ҳақыйқый тынышлыққа ерисиў жолларын додаладық. Халқымызды қалай қорғаў мүмкин екенлиги ҳаққында сөйлестик. Биз айрықша итибар ҳәм тынышлықты жақынластырыўға умтылыўға таярлықты қәдирлеймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги