Өзбекстан елшиси Саудия жәрдем орайы басшысы менен ушырасты

“SPA” мәлимлеме агентлиги, «Ал-Мадина» ҳәм басқа бир қатар басылымлардың жазыўынша, Өзбекстан Республикасының Саудия Арабстанындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғунов Ар-Риёдтағы резиденцияда Патша Салмон атындағы жәрдем ҳәм гуманитар жәрдем орайы бас директорының әмелият ҳәм бағдарламалар бойынша жәрдемшиси инженер Аҳмад бир Али Ал-Боиз бенен ушырасқан.
Сөйлесиў ўақтында гуманитарлық ислер менен байланыслы түрли мәселелер, сондай-ақ, мәмлекетимизде гуманитар тараўға байланыслы өзгерислер ҳәм тәреплерди қызықтырған басқа темалар додаланған.
М.Пирматова, ӨзА