Дүнья баспасөзинде сапар шеңбериндеги пикирлер

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголияға мәмлекетлик сапары шеңберинде Улан-Батор қаласында өткерилген “Жипек жолы дүрданасы” туризм форумы да дүнья баспасөзинде кеңнен сәўлелендирилди.
Соның ишинде, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАның шериги – Монголия миллий мәлимлеме агентлигин (МОНCАМЭ) де бул форум еки мәмлекет арасында туризм тараўындағы бирге ислесиў имканиятларын үйрениўге хызмет ететуғыны жазылды.

XIII әсирде Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкент сыяқлы қалалар мәденият, дин, көркем өнер ҳәм архитектураның орайына айланган еди. Усы тарийхый мийрас тийкарында 1992-жылы дипломатиялық байланыслар орнатқан Өзбекстан ҳәм Монголия бүгинги күнде туризм тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў нийетинде, – делинген мақалада.
Мәмлекетимиз басшысының Монголияға мәмлекетлик сапары шеңберинде Қубла Кореяның жетекши ғалаба хабар қуралларында да Өзбекстан-Монголия еки тәреплеме қатнасықларына бағышланған бир қатар мақалалар жәрияланды.
“Diplomacy Journal” журналында басып шығарылған мақалада Өзбекстан ҳәм Монголия арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жылы орнатылғаны айтылған.

– Кейинги жылларда Өзбекстан – Монголия сиясий сөйлесиўиниң жеделлескени бақланбақта. Монголия Президенти 2022-жылы ШБШның Самарқанд саммитинде қатнасқан еди. Өзбекстан ҳәм Монголия басшылары 2023-жыл 1-декабрь күни Дубайда болып өткен БМШтың климат өзгериўи бойынша конференциясы шеңберинде де ушырасты, – деп еске алынады Президентлердиң ушырасыўлары.
Ухнаагийн Хурэлсухтың 2024-жыл июнь айында Өзбекстанға биринши мәмлекетлик сапары да басылым итибарына түсти. Еки мәмлекет басшыларының нәтийжели сөйлесиўлериниң жуўмақлары бойынша Мәмлекетлераралық қатнасықлар ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге, сондай-ақ, 14 ҳүкиметлераралық ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылған.
“The Korea News Plus” онлайн-жаңалықлар басылымы Өзбекстан ҳәм Монголия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларына итибар қаратты.
Мақалада атап өтилгениндей, 2019-2024-жылларда товар алмасыўдың көлеми 10,5 еседен аслам – 1,9 миллион доллардан 20,4 миллион долларға артқан. Соның менен бирге, Өзбекстан экспорты 1,5 миллион доллардан 15,1 миллион долларға, импорт болса 519 мың доллардан 5,31 миллион долларға көбейген.
Тек ғана 2024-жылдың өзинде еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 46,8 процентке, экспорт ҳәм импорт көлеми болса 47 процентке өсти.
Б.Худайбердиев таярлады. ӨзА