Өзбекстан – Монголия байланысларын раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берген тарийхый сапар

232

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың мирәт етиўине бола 24-июнь күни өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке келди.

Мәмлекетимиз басшысын Монголия сыртқы ислер министри Батмунх Бацесег ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Еки мәмлекет байрақлары менен безелген “Буянт-Ухаа” аэропортында жоқары мәртебели мийманлардың ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Бул сапар етиўдиң мазмун-мәнисине бола тарийхый ўақыя, десек, қәтелеспеймиз. Себеби, еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылған отыз жылдан аслам ўақыт ишинде биринши мәрте Өзбекстан басшысы Улан-Баторға мәмлекетлик сапар менен бармақта.

Усы мәнисте, бул сапар етиў өткен жылдың июнь айында Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың Өзбекстанға сапары ўақтында басланған жедел сиясий сөйлесиўдиң логикалық даўамы болып есапланады.

Өзбекстан ҳәм Монголия географиялық жақтан узақ жайласқан ҳәм улыўма шегараларға ийе болмаса да өз-ара байланыслар дипломатия, экономика, транспорт, мәденият ҳәм гуманитарлық тараўларда жедел раўажланбақта. Атап айтқанда, Ташкентте Монголия елшиханасының ашылғаны, ҳүкиметлераралық ҳәм парламентлераралық сөйлесиўдиң жеделлескени, 14 еки тәреплеме келисимге қол қойылғаны өз-ара исеним ҳәм шерикликти тереңлестириў тилегиниң күшейгенинен дәрек береди.

Шавкат Мирзиёевтиң Улан-Баторға мәмлекетлик сапары Өзбекстан-Монголия қатнасықларында жаңа басқышты баслап береди. Онда прагматизм, өз-ара мәпдарлық, турақлы раўажланыў ҳәм заманагөй машқалаларға аўызбиршиликли қатнас жасаў тийкарғы бағдарлаўшы принциплер болып есапланады.

Мәмлекетлик сапар менен Монголияда болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәм өмирлик жолдасын Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух өмирлик жолдасы менен күтип алды.

Сухе-Ботир майданында уллы мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады.

Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Мәресимнен соң Өзбекстан Президенти Монголия Мәмлекетлик сарайындағы Ҳүрметли мийманлар китабына жазыў жазып қалдырды.

Монголия Мәмлекетлик сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың тар шеңбердеги ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Монголия жетекшисине шын жүректен қабыллағаны ҳәм усы мәмлекетке жуўап ретинде мәмлекетлик сапар менен келиўге мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында бириншиси болған бул сапар етиў көп тәреплеме Өзбекстан – Монголия байланысларын раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғыны айрықша атап өтилди. Өзбекстан Президенти Монголия тәрепин жақынласып киятырған Халық революциясы күни менен де қутлықлады.

Өзбекстан – Монголия дослық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық дәрежедеги байланыслар ҳәм алмасыўлар жеделлести. Товар алмасыў көрсеткишлери жедел өсип бармақта. Биргеликтеги кәрханалардың саны көбеймекте, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, электрон саўда, аўыл хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларында дәслепки кооперация жойбарларын әмелге асырыў басланды.

Күни кеше еки елдиң исбилермен топарлары ҳәм уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында биргеликтеги бизнес форумы табыслы өткерилди, Улан-Батор қаласында Өзбекстан өнимлериниң шоурумына ийе саўда үйи ашылды.

Сөйлесиўлерде экономикалық кооперацияны тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Жақын жылларда өз-ара саўданы, бәринен бурын, талап жоқары болған өнимлердиң номенклатурасы ҳәм көлемин арттырыўдың есабынан және де кеңейтиў ушын салмақлы потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте жеңиллетилген саўда ҳәм инвестицияларды қорғаў ҳаққындағы келисимлерди қабыл етиўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы экономиканың белгили бир тармақларында санаат кооперациясын тереңлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарлары тийкарғы етип белгилеп алынды.

Бул, бәринен бурын, таў-кән тараўындағы шериклик, соның ишинде, геология-излеў бағдарламасын ислеп шығыў, шийки зат ресурслары кәнлерин өзлестириў, технологиялар трансфери, тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў тараўлары.

Усы мәниде, тараўдағы жойбарларды алға қойыў мақсетинде Улан-Батор қаласында Өзбекстан геология министрлигиниң ўәкилханасы ашылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Биргеликтеги кластерлерди шөлкемлестириў, гөш-сүт, жүн ҳәм былғары өнимлерин қайта ислеў және ислеп шығарыў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыў тийкарында аўыл хожалығында комплексли бирге ислесиўди тереңлестириўден мәпдарлық билдирилди.

Транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм жаңа логистика бағдарларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жылдың ақырына шекем пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў режелестирилген.

Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер ушын халықаралық таллаў институты менен биргеликте ең қысқа ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын анықлаў бойынша әмелий изертлеўлер өткериў усынысы билдирилди.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы күнлерде Улан-Батор қаласында Өзбекстан мәденияты күнлери, көркем өнер ҳәм туризм илажлары өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, ажыратылып атырған квоталар шеңберинде монғол жасларының Өзбекстандағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўын қайта тиклеўге келисип алынды.

Ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша “жол картасы”н қабыл етиў бойынша келисип алынды.

Улан-Батор қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух Кең көлемли шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, Президентлердиң қатнасыўында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў, жоқары билимлендириў, таў-кән санааты, қоршаған орталықты қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими, денетәрбия ҳәм спорт тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер;

– еки мәмлекет архив уйымлары арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен Монголия Экономика ҳәм раўажланыў министрлиги арасында, сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги менен Монголия Мәденият, спорт, туризм ҳәм жаслар министрлиги арасында 2025-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламалары;

– Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Монголия Азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм жеңил санаат министрлиги арасында аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бирге ислесиў режеси;

– Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен Монголия Мәденият, спорт, туризм ҳәм жаслар министрлиги арасында экотуризм тараўындағы ҳәрекетлер режеси.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелери бойынша пикирлерин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң басында дос Монголия халқын жақынласып киятырған миллий байрам – Халық революциясы күни менен қызғын қутлықлады.

– Монголиялы досларымыздың социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўдағы итибарға ылайық табыслары ҳәм жетискенликлеринен шын жүректен қуўанышлымыз, сизиң тынышлық сүйер сыртқы сиясатыңызды толық қоллап-қуўатлаймыз, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Бүгинги күнде Монголия экономикасы турақлы жоқары өсиў пәтлерин көрсетип атырғаны атап өтилди. Мәмлекетте санаат тармақлары, аўыл хожалығы, инфраструктура модернизацияланбақта. Қарақурым қаласын кең көлемли реконструкциялаў жумыслары басланған. Избе-из, прагматикалық ҳәм жедел сиясат себепли мәмлекеттиң халықаралық абырайы артпақта.

Өзбекстан Президентиниң Монголияға дәслепки сапары еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларының раўажланыўында тарийхый ўақыя болғаны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўдиң тийкарғы нәтийжелеринен бири сыпатында Өзбекстан – Монголия бирге ислесиўинде жаңа басқышты баслап беретуғын әҳмийетли ҳүжжет – Кең көлемли шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылғанын атап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында әмелий бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы мәселелери ҳәм перспективалы бағдарлары ҳәр тәреплеме көрип шығылғаны, келешекке мөлшерленген анық ўазыйпалар менен режелер белгилеп алынғаны айтылды.

2024-жылы Ташкентте болып өткен саммиттен соң барлық бағдарларда байланыслар жеделлескени атап өтилди. Усы жылдың февраль айында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде тығыз бирге ислесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алынды.

Өзбекстан Президентиниң сөзлерине бола, сөйлесиўлерде тийкарғы итибар экономикалық бирге ислесиўге қаратылды. Жақын жылларда товар алмасыў көлемин, бәринен бурын, өтимли өнимлер номенклатурасы ҳәм көлемин кеңейтиў арқалы бир неше есеге арттырыў ўазыйпалары белгиленди. Улан-Баторда көргизбе залына ийе болған Өзбекстан саўда үйиниң ашылыўы бул жумыслар ушын әмелий тийкар болатуғыны атап өтилди.

Сапар алдынан Өзбекстан ҳәм Монголия исбилерменлериниң бизнес форумы ҳәм ушырасыўлары табыслы өткерилгени, жаңа шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәмлекет басшылары буннан былай да исбилерменлик ушын барлық шараятларды жаратыў ҳәм олардың исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға келисип алды.

Усы мүнәсибет пенен жеңиллетилген саўда ҳәм инвестицияларды өз-ара қорғаў ҳаққындағы келисимлерди ең қысқа мүддетлерде қабыл етиўге келисип алынды.

Буннан тысқары, сөйлесиўлер ўақтында еки мәмлекет экономикалары бир-бирин нәтийжели толықтырыўы мүмкин болған тармақларда санаат кооперациясының анық бағдарлары белгилеп алынды.

Тәреплер турақлы түрде өз-ара концертлер, көргизбелер, кино презентацияларын шөлкемлестириў, фестивальларда қатнасыўға келисип алды.

Ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен кең көлемли “жол картасы” қабыл етилетуғыны атап өтилди.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Монголия Президентин рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт еткенин мәлим етти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух өмирлик жолдаслары менен биргеликте еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниң концертинде қатнасты.

Бүгин мәмлекет басшыларының ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли халықларымыз және де жақынласты, мәмлекетлераралық қатнасықлар кең көлемли шериклик дәрежесине көтерилди.

Биргеликтеги концерт Өзбекстан – Монголия дослығы, еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларда жаңа басқыш басланғанының гезектеги көриниси болды.

Талантлы көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қосықларда мәдениятларымыздың байлығы, рәңбәреңлиги ҳәм өзине тәнлиги жәмленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголияға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА