Өзбекстан авиация тараўында жақсы нәтийже көрсеткен

“ACI Europe” – Европа халықаралық аэропортлары кеңеси болып, пүткил дүнья бойлап 2000ге шамалас аэропорт операторларын бирлестирген глобал шөлкем болып есапланады.
Усы жылдың 18-20-июнь күнлери “Uzbekistan Airports” ўәкиллери Афина қаласында (Греция) болып өткен “ACI Europe”тиң XXXV жыллық конгресси ҳәм Бас ассамблеясында қатнасты.
Илаж авиация тараўы жетекшилери ҳәм менеджерлерин бирлестирип, глобал авиациядағы жаңа шақырықлар ҳәм имканиятларды додалаў, келешектеги биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық аэропортлар менен қатнасықларды орнатыў, ACI бирге ислесиўшилериниң инновациялары менен танысыў ушын тийкарғы платформаға айланды.
Әнжуманда дүнья жетекшилеринен “Vinci Airports” (Франциядағы глобал аэропорт операторы), AENA (Испаниядағы жетекши аэропортлар тармағы), Станбул аэропорты (Европа ҳәм Азияны байланыстыратуғын тийкарғы аэропорт), “Hethrow” (Уллы Британиядағы ең адамы көп аэропорт), “Aeroporti di Roma” (Италиядағы жетекши аэропортлар операторы) ҳәм басқа ири аэропорт операторлары қатнасты.
Илаж даўамында “ACI Europe” директоры Оливе Янковец өткен 2024-жылы шөлкемге ағза мәмлекетлерде жолаўшы тасыўдың пандемиядан алдынғы дәўир – 2019 жылға салыстырғанда динамикасы менен таныстырды.
Таллаўларға бола, өткен жылы мәмлекетимиз аэропортларының жолаўшы тасыў көлеми 2019-жылға салыстырғанда еки есеге көбейген. Сондай-ақ, шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында Өзбекстан ең жақсы нәтийжени көрсеткени атап өтилди.
“Uzbekistan Airports” 2024-жыл октябрь айынан баслап “ACI Europe” шөлкеминдеги ағзалығын қайта тиклегенин мағлыўмат орнында атап өтиў зәрүр.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА