Өзбекстан ТРМ индексинде 19 текшеге көтерилди

Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы (Sustainable Development Solutions Network — SDSN) тәрепинен 2025-жыл ушын таярланған гезектеги есабатқа бола, Өзбекстан 73 балл топлап, 62-орынды ийеледи.
Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 19 текшеге жақсыланып, мәмлекет Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа регионында 2015-жылдан берли турақлы раўажланып атырған мәмлекет сыпатында тән алынды.
Күни кеше усы есабаттың рәсмий онлайн презентациясы болып өтти. Онда SDSN шөлкемлестириўшилеринен бири, Колумбия университетиниң профессоры Жеффри Сакс, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Умид Обидхўжаев ҳәм басқа да абырайлы халықаралық экспертлер қатнасты.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул илаж даўамында Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) не ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасын раўажландырыў, санлы ҳәм “жасыл” экономиканы қоллап-қуўатлаў, статистикалық мағлыўматларды ашып бериў сыяқлы бағдарлардағы ҳәрекетлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Профессор Жеффри Сакс өзиниң шығып сөйлеген сөзинде турақлы раўажланыўға ерисиўде сиясий жетекшилик шешиўши фактор екенин атап өтип, Өзбекстандағы табысларды “үлкен сиясий ерк-ықрар ҳәм исенимли жетекшилик нәтийжеси” сыпатында баҳалады. Сондай-ақ, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў тараўындағы жетискенликлер халықаралық экспертлер тәрепинен айрықша атап өтилди.
Есабатта атап өтилгениндей, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған институционаллық ҳәм структуралық реформалар мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги орнын сезилерли дәрежеде жақсыламақта. Турақлы раўажланыў тараўындағы бундай алдынғы нәтийжелер мәмлекеттиң глобал көлемдеги абырайының артыўына хызмет етпекте.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА