Монголия баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

“Montsame” мәлимлеме агентлигиниң бетлеринде мәмлекетимиз басшысының усы мәмлекетке сапары толық сәўлелендирилмекте.
Басылымның мәлим етиўинше, Мәмлекетлик сарайда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурелсух тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлер өткерген.
– Монголия Орайлық Азия мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан менен дослық байланысты беккемлеў, барлық тараўларда бирге ислесиў көлемин кеңейтиў тәрепдары екени атап өтилди, – деп жазады автор. – Президентлердиң бир жыл ишинде әмелге асырған өз-ара мәмлекетлик сапарлары еки халық дослығын буннан былай да беккемлейтуғынына исеним билдирилди.
Өзбекстан жетекшисиниң еки тәреплеме қатнасықлар тарийхындағы бул биринши сапары Монголияға көп тәреплемели байланысларды раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғыны айрықша атап өтилди. Президентимиз күтип атырған тәрепти жақынласып киятырған Халық революциясы күни менен де қутлықлады.
Сөйлесиў даўамында қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
ӨзА