Әскерий хызметкерлер қурда күш сынасты

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлери арасында миллий гүрес бойынша “Прокурор кубоги” республикалық турнири болып өтти.
Өткерилген жарысқа 4 команда қатнасып, ерлер 4, ҳаял-қызлар 1 салмақ категориялары бойынша өз-ара беллести.

Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, 73 кг салмақ категориясында Арқа Батыс әскерий гарнизоны хызметкери Фозилиддин Мажидов, 81, 90 ҳәм +90 кг да Миллий гвардия хызметкерлери Бегзад Досқулов, Аюбхан Мансуров ҳәм Шоберди Рустамовлар биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, ҳаял-қызлар арасында 63 кг салмақта өткерилген жарыста Арқа Батыс әскерий гарнизоны хызметкери Гүлайым Жумабаева алтын медаль ийесине айланды.
Республикалық турнир жуўмағында, жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланады.

-Бул жарыста ең аўыр салмақта беллесип, қола медалын ийелеўге миясар болдым,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери Сражатдин Жақабаев.-Беллесиўлер оғада қыйын болып, маған бираз әўмет жетпеди. Алдағы ўақытлары өз үстимде шынығыўларды даўам етип, жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы