Кәсиплик компетенцияларды арттырыў системасы заманагөй стандартлар тийкарында жолға қойылады

279

Мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын заман талаплары ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында жаңалаў, оның нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте Президентимиздиң “Мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа қатнаслар тийкарында шөлкемлестириў және профессионал ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер хызметкери Ойбек Сайидумаров пәрманның орынланыўына байланыслы пикирлери менен ортақласты:

– Пәрман шеңберинде мәмлекетлик хызметти раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири – кадрларды таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўдың бир пүтин системасы енгизиледи. Бул процессте Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы ҳәм “Эл-юрт умиди” қоры өз-ара биргеликте бирден-бир кластер сыпатында жумыс алып барады.

Енди мәмлекетлик хызметкерлердиң кәсиплик потенциалы ҳәм компетенцияларын баҳалаў, олардың жеке портфелиосын қәлиплестириў, раўажландырылыўы керек болған билим ҳәм көнликпелерин анықлап бериў системалы түрде әмелге асырылады. Соның менен бирге, миллий кадрлар резервине киргизилген мәмлекетлик хызметкерлердиң кәсиплик таярлығы, оларды маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларына бағдарлаў системалы түрде әмелге асырылады.

“Эл-юрт умиди” қоры тәрепинен мәмлекетлик хызмет ушын талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бағдарлар бойынша талаплар үйренилип, хызметкерлерди сырт елдеги алдынғы шөлкемлерге әмелиятқа жибериў де жолға қойылады. Қалаберди, перспективалы кадрлардың сырт елде билим ҳәм кәсиплик маманлығын арттырыў процесслери муўапықластырылады.

Пәрман менен мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елде оқыўы ҳәм әмелият өтеўи Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы профессионал жаңа әўлад басшы кадрларын таярлаў системасын жетилистириў және оларды тармақлар ҳәм тараўлар ушын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў және “Аймақларды комплексли раўажландырыў,” “Мәмлекетлик басқарыў,” “Инсан ресурсларын раўажландырыў” “Мәмлекетлик сиясат” ҳәм “Мәмлекетлик қаржыларды басқарыў” сыяқлы магистратура қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаўды әмелге асырады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасындағы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайлары (институтлары) ның басшылық ҳәм басқарыў бағдарларындағы билимлендириў бағдарламалары илимий-методикалық жақтан тәмийинленеди ҳәм муўапықластырылады.

Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметке биринши рет қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер арнаўлы “Мәмлекетлик хызметке кириў” курсларын өтеўи мәжбүрий болады. Сондай-ақ, ҳәр үш жылда бир мәрте маманлық арттырыў курсларында қатнасыў талап етиледи.

Мәмлекетлик хызметкерлердиң тийисли тараў ҳәм тармақ бойынша билим ҳәм көнликпелери, ҳүжжетлер таярлаў, мәмлекетлик тилде жумыс жүргизиў, басшылық ҳәм коммуникативлик тәжирийбелери, заманагөй мәлимлеме технологиялары, нызамшылық жаңалықлары, Өзбекстан тарийхы ҳәм шет тиллерин билиў дәрежеси ҳәр тәреплеме баҳаланады.

Соның менен бирге, ҳәр бир хызметкер ушын жеке кәсиплик раўажланыў картасы ислеп шығылады ҳәм оның тийкарында “жумсақ” ҳәм “қатты” көнликпелерди раўажландырыў бойынша арнаўлы оқыў бағдарламалары шөлкемлестириледи.

Пәрман тийкарында мәмлекетлик хызметкерлердиң кәсиплик компетенцияларын турақлы арттырыўға байланыслы арнаўлы реже де тастыйықланды. Бул болса, мәмлекетимизде маман, билимли ҳәм заманагөй талапларға жуўап беретуғын мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Әлбетте, бул әҳмийетли реформалар Өзбекстан мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын жаңа басқышқа алып шығады ҳәм пуқараларға және де нәтийжели, жедел ҳәм сапалы хызмет көрсетиў имканиятын жаратады.

 

                                                                                                                                      ӨзА