Халыққа сапалы  қурылыс өнимлери жеткерилмекте

304

Мәмлекетимизге инвестиция алып келиў, өндирис көлемин арттырыў арқалы дүнья базарына шығыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар бүгин республикамызда жақсы нәтийжелер менен көзге тасланбақта.

«Қурылыс қурған ел жаңа» дегениндей, қурылыс ислери раўажланған елде, жаңаланыўлар көзге тасланады. Қурылыс өнимлери өзимизде ислеп шығарылса, бул ислеп шығарыўшы исбилерменге де, халыққа да қолайлықларды жаратады.

Тақыятас районындағы “Altinko’l imarat universal qurilis”жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 7,0 млрд (соннан банк кредити 4,4 млрд) сум  болған бетон заводын шөлкемлестириў жойбары иске түсирилиў  нәтийжесинде 20 жаңа жумыс орны жаратылды. Киргизилген сырт ел инвестициясы тийкарында заводтың қурылыс жумыслары усы жылдың март айында жуўмақланып, май айында толық иске түсти. Ҳәзирги ўақытта заводта темир-бетон өнимлери ислеп шығарылып, буйыртпа тийкарында қурылыс мәкемелерине жеткерилип берилмекте.

-Кәрханамызда тийкарынан қурылыс тараўына керекли темир-бетон өнимлери ислеп шығарылады.  6 бетон қуйыўшы, сварщик, тракторшы барлығы болып, 20 ға шамалас адам жумыс пенен тәмийинленген. Буйыртпа көп болғанлықтан жумысты үзликсиз алып барыўға ҳәрекет етип атырмыз.  Алдағы ўақытта және де жумыс орнын кеңейтиў режемиз де бар. Мақсетимиз қарыйдарлардың кеўлиндегидей, қурылысқа жарамлы бетон, темир өнимлерин ислеп шығарыў,-дейди завод биригадири Сапарбай Реджепов.

Жаздың жәзийрама ыссысында ҳаўа- райының ыссылығын да писент етпестен қызғын жумыс алып барып атырған завод жумысшылары өнимди сапалы етип өз ўақтында қарыйдарға жеткерип бериў ҳәрекетинде мийнет етпекте. Өндирис, қурылыс –елимиз экономикасының ири тараўларының бири. Республикамыздың өндирис кең раўажланған районларының бири  болған Тақыятастағы  бул заводта исбилерменлердиң елимизде жаратылып атырған кең имканиятлардан пайдаланып атырғанлығының ҳақыйқый көринисин көриўимизге болады.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.