Ғәлле жетистириў режесиниң орынланыўы қай дәрежеде?

2025-жылдың өними ушын Қоңырат районында 3700 гектар майданға бийдай егилип, улыўма есапта 25 мың 900 тонна ғәлле жетистириў режелестирилген.
Мәўсим даўамында орым-жыйын жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде районда 12 орым-жыйын бригадасы дүзилди.
Фермер хожалықлары ҳәм дән кәрханасы арасында 11 мың 100 тонна ғәлле тапсырыў бойынша шәртнамалар дүзилген болып, ҳәзирги ўақытта олардың орынланыўы бойынша қызғын жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, О.Қурбаниязов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Муҳаммад” фермер хожалығында усы жылғы өним ушын 15 гектар майданға бийдай егилген. Фермер хожалығы дән кәрханасы менен 45 тонна ғәлле жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзген. Ғәлле тәрбиясы даўамында барлық агротехникалық илажлар өз ўақтында ҳәм сапалы орынланғанының нәтийжесинде жоқары зүрәәт топлаўға ерисилди.
Бүгинги күнде “Муҳаммад” фермер хожалығы белгиленген шәртнамалық режелерди толық орынлаў алдында тур.
Райондағы барлық фермер хожалықлары тәрепинен әмелге асырылып атырған системалы ҳәм жуўапкершиликли қатнас, ғәлле жетистириў ҳәм тапсырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги