Дузды таблетка түринде ислеп шығаратуғын завод қурылмақта

Қоңырат районында әмелге асырылып атырған ири жойбарлардан бири бул – “Юлдаш Алихан” ЖШЖ тәрепинен қурылып атырған дузды қайта ислеў кәрханасы.
Бул заманагөй завод райондағы «Алмазар» мәҳәллесинде қурылмақта ҳәм Қытай технологиялары тийкарында хызмет етеди. Кәрханада дуз 14 граммлық таблетка түринде ислеп шығарылады.
Жойбардың улыўма баҳасы 7 миллиард сумды қурап, бул қаржылардың барлығы жеке капитал есабынан жуўмақланбақта. Завод толық қуўатлылық пенен иске түскеннен кейин, 30 пуқара турақлы жумыс орны менен тәмийинленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкер жумысшы топарының ағзалары усы кәрханадағы жағдай, машқала ҳәм зәрүрликлер менен танысты.
Қоңырат районында әмелге асырылып атырған бундай жойбарлар тек ғана жаңа жумыс орынларының жаратылыўына емес, ал ишки базарда жергиликли өнимлердиң үлесин арттырыўға ҳәм экспорт имканиятларын беккемлеўге хызмет етеди. Мәмлекетлик ҳәм жеке сектор менен биргеликтеги бундай басламалар Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги