Экосертификатқа ийе болыў дүнья базарына жол ашады

184

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте “Экосертификатқа ийе болыў дүнья базарына жол ашады” атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда органикалық аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кластерлер, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери, институт профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, жуўапкер қәнигелер қатнасты.

Илаждың тийкарғы мақсети – экосертификатқа ийе болыўдың әҳмийетлилиги ҳәм органикалық өнимлерди жетистириў процесиндеги әмелиятларды дурыс жолға қойыў бойынша билим ҳәм тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

Семинар даўамында экологиялық таза өнимлерди ислеп шығарыўдың артықмашылықлары, органикалық сертификатластырыў системалары ҳәм дүнья базарына шығыў ушын зәрүр болған сертификатластырыў процеслери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Илажда айтып өтилгениндей, дүнья базарында органикалық аўыл хожалығы өнимлерине болған талаптың барған сайын артып барыўы, фермерлер ҳәм исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратпақта. Экосертификат – өнимлердиң экологиялық тазалығы ҳәм сапасын тастыйықлаўшы ҳүжжет болып, ол тек ғана жергиликли емес, ал халықаралық базарлар ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ўәкиллери тәрепинен усынылған мағлыўматларға қарағанда, экологиялық аўыл хожалығы сертификациясы дүнья базарында өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға жәрдем береди. Соның нәтийжесинде, фермерлер тек ғана ишки базарда емес, ал Европа, Азия ҳәм басқа  регионларда да өз өнимлерин табыслы сатыў имканиятына ийе болады.

Семинарда дүнья базарына шығыў ушын органикалық өнимлердиң сапасын арттырыў, өнимлердиң экологиялық тазалығын тастыйықлаў мүмкиншилиги, сертификатластырыўда машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары, өнимлердиң дүнья базарына шығыўы ушын талап етилетуғын жоқары сапа стандартлары, органикалық аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты, органикалық өнимлерди экспорт етиўдиң артықмашылықлары ҳәм дүнья базарларындағы талаплар бойынша кең түрде түсиниклер берилди.



Семинар даўамында қатнасыўшыларға сертификат алыў ушын зәрүр болған әмелий усыныслар ҳәм қәдемлер көрсетилди. Өз гезегинде, GIZ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги усындай семинар-тренинглерди алдағы ўақытлары да даўам еттириўди режелестирмекте. Бул арқалы органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт етиўди және де раўажландырыў, сондай-ақ, жергиликли фермерлер ушын жаңа базарларды ашыў мақсет етилген.

Илажда қатнасыўшылар сертификатластырыў процесиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, өз тәжирийбелери менен де ортақласты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги