Өзбекстан – Монголия: туризм тараўында бирге ислесиў раўажланады

334

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголияға болажақ сапары алдынан Улан-Батор қаласында Жипек жолы жөнелисин, сондай-ақ, туристлер ағымын көбейтиў ушын еки мәмлекеттиң арнаўлы туризм бағдарламаларын раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған биринши Монголия-Өзбекстан туризм форумы болып өтти, деп хабар бермекте “MONTSAME”  мәлимлеме агентлиги.

Атап өтилиўинше, форумда еки елдиң 150 ден аслам туризм тараўының ўәкиллери қатнасқан.

Мәжилисте усы мәмлекеттиң Туризм ассоциациясының басшысы Дамбин Гантумур Монголия Президенти Ухнаагийн Хурелсух өткен жылы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ўақтында еки мәмлекет арасында туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алғанын атап өтти. Ол сондай-ақ, Монголия ҳәм Өзбекстан тек ғана уқсас тарийх ҳәм мәденият емес, ал олар басып өткен жолды сәўлелендиретуғын улыўмалық қәдириятларға итибар қаратқан.

– Өзбекстан туризмди, соның ишинде, бай тарийхый-мәдений мийрасты сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе,-деди Дамбин Гантумур. – Буннан тысқары, елиңизде туризм тараўында исбилерменлик субектлерине берилип атырған жеңилликлер, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар тараўдың турақлы өсиўине түртки бермекте. Монголия ҳәм Өзбекстан арасындағы туризм тараўындағы бирге ислесиў тек ғана экономикалық емес, ал мәдений ҳәм дипломатиялық жақтан да пайдалы. Бул байланыслар еки халық арасында дослықты беккемлеп, жаңа перспективалар есигин ашады.

Хабарда жазылыўынша, Ташкенттеги “Жипек жолында туризм” халықаралық көргизбеси шеңберинде мәмлекетлеримиз арасында туроператорлар ушын танысыў турларын шөлкемлестириў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў режелестирилген.

Буннан тысқары, 2023-жылы еки мәмлекет арасында ҳаўа қатнаўының ҳуқықый тийкарлары жаратылған. Ҳәзирде тиккелей рейслерди жолға қойыў имканияты көрип шығылмақта. Келешекте тәреплер биргеликтеги туристлик пакетлерди ислеп шығыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм жеке меншик секторды және де қоллап-қуўатлаўға итибар қаратады.

Муҳаррама Пирматова,

ӨзА