Өзбекстан және бир халықаралық конвенцияға қосылмақта

226

Өзбекстан Халықаралық метрикалық Конвенцияға (Париж, 1875-жыл 20-май, 1907-жыл 17-октябрьдеги, 1913-жыл 11-октябрьдеги ҳәм 1921-жыл 6-октябрьдеги өзгерислер ҳәм қосымшалар менен) қосылыўы күтилмекте.

Халықаралық метрикалық Конвенцияға 1875-жылы  Париж  қаласында болып өткен дипломатиялық конференция шеңберинде 17 мәмлекеттиң ўәкиллери тәрепинен  қол қойылған. Ҳәзирги күнге келип Конвенцияда 64 мәмлекет, соның ишинде, Түркия, Франция, Германия, Қазақстан, Қытай, Корея, Япония қосылған ҳәм 37 мәмлекет, атап айтқанда, Өзбекстан шөлкемлескен ағза сыпатында қатнаспақта.

Усы  конвенцияға қосылыў нәтийжесинде мәмлекетимиздиң саўда-экономикалық  потенциалы және де артады, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы жолындағы жумыслар жеделлеседи. Яғный халықаралық саўда мәселелери, соның ишинде, экспорт-импорт тараўының ажыралмас бөлеги болған метрология тараўында халықаралық бирге ислесиў сезилерли дәрежеде кеңейеди, бар техникалық тосқынлықлар азаяды.

Олий Мажлис  Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы  фракциясының мәжилисинде «Халықаралық метрикалық Конвенцияға (Париж, 1875-жыл 20-май, 1907-жыл 17-октябрьдеги, 1913-жыл 11-октябрьдеги ҳәм 1921-жыл 6-октябрьдеги өзгерислер ҳәм қосымшалары менен) Өзбекстан Республикасының қосылыўы  ҳаққыенда»ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Халық ўәкиллери Халықаралық метрикалық Конвенцияға қосылыўдың әҳмийети,  әҳмийетли тәреплери ҳәм имканиятлары ҳаққында өз пикир -усынысларын  билдирди. Атап өтилгениндей, усы Конвенцияға қосылыў мәмлекетимизде өткерилген өлшеўлер нәтийжелериниң халықаралық дәрежеде тән алыныўына  ерисиў ҳәм саўда  ҳәм экспорт потенциалын және де арттырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Мәжилисте және бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

М.Комилова, ӨзА