Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық ҳәзирден басланбақта

273

Тахтакөпир районы бойынша пайдаланыўда жәми 364 километрлик газ тармақлары бар. Соның 20,1 километрлик бөлеги жер астында, ал 343,8 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан.

Мине, усы газ тармақлары арқалы район халқына тәбийғый газ жеткерип берилмекте. 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге район аймағындағы тутыныўшылардың газ тәмийнатын еле де жақсылаў мақсетинде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен тастыйықланған реже график тийкарында бир қатар жумысларды әмелге асырыў белгилеп алынған.

Атап айтқанда, 4,1 километрлик газ тармақларын реконструкциялаў, 82 газ бөлистириўши пунктлерди ревизиядан өткериў, биреўинде капитал оңлаў жумысларын алып барыў, 30 километрлик газ тармақларын ҳаўа басымы астында сынаў, 20,1 километрлик жер асты газ тармақларын арнаўлы приборлар жәрдеминде жағдайларын тексериў, 25 километрлик газ тармақларын тәртиплестириў ҳәм бояў жумысларын алып барыў режелестирилген.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда бүгинги күнге келип усы режедеги жумыслардың 50 проценти әмелге асырылған.

Ҳәр бир күннен нәтийжели пайдаланып бул жумыслар табыслы жуўмақланса, район аймағындағы 1640 тан аслам хожалықтың газ тәмийнаты жақсыланады.

Тараў хызметкерлери тәрепинен бүгинги күни бул жумыслар қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги