Пайтахтымызда жәҳән спорт аренасына жол ашатуғын мектеп қурылмақта

288

Соңғы жыллары өзиниң белгили спортшылары менен пүткил дүньяға белгили болып киятырған Өзбекстанда барлық спорт түрлери сыяқлы, гимнастика да тез пәт пенен раўажланбақта.

Соның ишинде, 8 мәрте Олимпиада ойынларына қатнасып, Гиннес рекордлар китабына кирген арамыздағы әпсанаўий спортшы, Олимпиада чемпионы Оксана Чусовитина, Олимпиада ойынларының қола медалы ийелери Екатерина Хилько ҳәм Антон Фокин, жерлесимиз Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Шахзада Ибрагимовалардың қолға киргизип атырған жетискенликлери өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң гимнастикаға деген қызығыўшылықларын арттырмақта.

Әсиресе, бунда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев тәрепинен жасларымызға жаратылып атырған қолайлы имканият ҳәм шараятлар әҳмийетли орын тутпақта.

-Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халқымыз арасында гимнастика спорт түрлерин кеңнен енгизиў, жаслар арасынан қәбилетли спортшыларды таңлап алыў системасын жетилистириў, халықаралық талап ҳәм стандарт тийкарында профессионал спортшыларды таярлаў арқалы  миллий сайланды командаларымыздың абырайлы жарысларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўин тәмийинлеў мақсетинде, 2022-жылдың 23-декабрьдеги “Гимнастика спорт түрлерин буннан былайда раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы тарийхый қарары пүткил спорт жанкүйерлерин қуўанышға бөледи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигине қараслы Республикалық гимнастика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебиниң директоры Улығбек Жуманиязов.-Усы қарар тийкарында, Самарқанд ҳәм Ферғана қалалары менен бир қатарда, пайтахтымыз Нөкис қаласында да барлық қолайлы шараятларға ийе заманагөй Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайы қурылмақта.

-Қурылыс жумысларын өткен жылы баслаған едик,-дейди “Инвест строй Нукус” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бас инженери Тилепбай Бабаков.-Ҳәзирги ўақытлары қурылысшыларымыз тәрепинен қызғын жумыслар алып барылмақта. Несип етсе, қурылыс жумысларын тез күнлер ишинде, сапалы жуўмақлап, жаңа оқыў жылына пайдаланыўға тапсырамыз.

-Усы күнге шекем республикамыздың шетки аймақларында жасаўшы жаслардың гимнастика менен професссионал түрде шуғылланыўы ушын имканиятлар аз еди,-деп өз сөзин даўам етти Улығбек Жуманиязов.-Жаңа орайдың иске түсиўи менен аўыл балаларының да гимнастика түрлери менен турақлы түрде шуғылланыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылады. Оқыўшыларымыз орайға жақын жайласқан мектепте билим алып, Гимнастика орайында профессионал тренерлердиң басшылығында шынығыўлар алып барады. Олар бул жерде жатып оқыўы ушын арнаўлы жатақхана ҳәм асханалар менен тәмийинленеди. Ҳәзирги ўақытлары республикамыздан 17 жас гимнастлар Өзбекстан сайланды командасының ағзалары болып табылады. Олар тек ғана мәмлекет бириншиликлеринде емес, ал, халықаралық жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизбекте. Енди жаңа Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайы пайдаланыўға тапсырылса, олардың арасынан Азия ҳәм Олимпиада ойынларының жеңимпазлары жетилисип шығады деп ойлаймыз.

Ҳақыйқатында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қаласында бой тиклеп атырған Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайы келешекте жасларымыз ушын тәлим-тәрбия ошағы болыў менен бирге, дүнья спорт аренасына жол ашатуғын теберик оқыў орны болатуғынлығына беккем исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы