Балалардың социаллық интеграциясы тәмийинленбекте

Әмиўдәрья районында майыплығы болған балаларға социаллық хызмет көрсетиўди жетилистириўге қаратылған жаңа жойбар әмелге асырылмақта. Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Соның менен бирге, Әмиўдәрья районында жайласқан “Аристократ” атындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Күндизги тәрбия” хызмети шөлкемлестирилди. Жаңадан ашылған бул хызмет жәрдеминде майыплығы болған балаларға өз ўақтында ҳәм нәтийжели жәрдем көрсетиў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў мақсет етилген.
“Күндизги тәрбия” топарына қосылыў ушын балалар Басқарма жанындағы психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тексериўинен өткерилди ҳәм майыплығы бар екенлиги тастыйықланған балалар қамтып алынды. Бул хызмет тек ғана балалардың медициналық ҳәм психологиялық талапларын қанаатландырыўға емес, ал олардың социаллық интеграциясын тәмийинлеўге де хызмет етеди.


Бул жойбар “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта ҳәм оның тийкарғы ўазыйпасы – социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў имканиятларын кеңейтиў арқалы ата-аналарлардың жумыс ислеў имканиятын шеклеўши факторларды сапластырыўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги