Жоқарғы суд: төлеўге уқыпсызлық, дәлиллердиң оптималлығы, шаңарақлық қатнасықларға байланыслы қарарлар қабыл етилди

283

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының мәжилиси болып өтти. Онда судьялар, Бас прокурор, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, Конституциялық суд ҳәм Судьялар ассоциациясының баслықлары, Сенат ағзалары, Омбудсман, Балалар омбудсманы ўәкиллери, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры ҳәм Судьялар жоқары кеңеси, Адвокатлар палатасы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер хызметкерлери, ҳуқықтаныўшы илимпазлар қатнасты.

Жоқарғы суд баслығы Б.Исламов басшылық еткен мәжилисте Жоқарғы суд пленумының бир қатар қарарлары көрип шығылды.

2022-жыл 13-апрельден “Төлемге уқыпсызлық ҳаққында”ғы нызам күшке кирди. Жаңа нызам заманагөй төлеўге уқыпсызлық институтының ҳуқықый тийкарларын белгилеп берди.

Нызамның бирдей талланыўын тәмийинлеў, төлемсизлик ҳаққындағы ис жүргизиўдиң барлық қатнасыўшыларының нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде “Экономикалық судлар тәрепинен Өзбекстан Республикасының “Төлемге уқыпсызлық ҳаққында”ғы нызамы нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы пленум қарары ислеп шығылды.

Мәжилисте қабыл етилген пленум қарарында судтың ўазыйпалары ислердиң ҳәр тәреплеме ҳәм қалыс көрип шығылыўын, тиклеў тәртип-қағыйдаларының жедел қолланылыўын, ҳуқықлардан өз мәпине пайдаланыўын (банкротлық яки жалған банкротлықты жасырыў) сапластырыў ҳәм ис жүргизиўдиң барлық басқышларында процессуал әдилликти тәмийинлеўден ибарат екенлиги бойынша түсиндириўлер берилген.

2024-жыл 21-ноябрьде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлиллер менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Усы тийкарда санлы дәлиллер түсиниги, санлы дәлиллерди жыйнаў, усыныў, беккемлеў, көзден өткериў, тексериў ҳәм баҳалаў, оларды сақлаў, қайтарыў және жоқ етиў тәртибин белгилейтуғын нормалар әмелиятқа киргизилди.

Усыған муўапық, әдил судлаўды әмелге асырыўда материаллық ҳәм процессуал ҳуқық нормаларының дурыс қолланылыўын тәмийинлеў, судларда бирден-бир әмелиятты қәлиплестириў мақсетинде “Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының 2018-жыл 24-августтағы “Дәлиллердиң оптималлығына байланыслы жынаят-процессуал нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы қарары ислеп шығылды.

Мәжилисте қабыл етилген бул қарар суд ҳәм тергеў уйымлары тәрепинен санлы дәлиллерди дурыс ҳәм нызамлы түрде қолланыў тәртибин белгилеў және санлы ҳәм электрон мағлыўматлар тийкарында мақул ҳәм мақул емес дәлиллер түсинигин және де кеңейтиў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

2025-жыл 9-апрельдеги “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен Шаңарақ кодексине қосымша киргизилди. Оған муўапық, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабы бойынша жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

Буннан тысқары, Турақ жай кодекси жаңа норма менен толықтырылып, оған бола, турақ жайдан пайдаланыў ҳаққындағы келиспеўшиликлер көрип шығылып атырғанда, суд тәреплердиң келисимине тийкарланып, турақ жай мүлк ийесиниң басламасына бола, турақ жайға мәжбүрий тәртипте киргизилип атырған тәрепти турақ жай мүлк ийесине тийисли теңдей шараятларға ийе болған басқа турақ жайға киргизиў яки ижараға алынған турақ жай ушын ижара ҳақысын төлеў миннетлемесин мүлк ийесине жүклеўи мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен Шаңарақ ҳәм турақ жай кодексине киргизилген жаңа нормаларды әмелиятта қолланыў бойынша “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи нәтийжесинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы пленум қарары ислеп шығылды.




Қарар менен 2011-жыл 20-июльдеги “Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға байланыслы ислер бойынша нызамшылықты қолланыў әмелияты ҳаққында”ғы ҳәм 2001-жыл 14-сентябрьдеги “Турақ жай келиспеўшиликлери бойынша суд әмелияты ҳаққында”ғы пленум қарарларына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Қабыл етилген қарардағы түсиниклер келешекте нызамшылық нормаларын дурыс ҳәм бир түрде қолланыўға хызмет етип, әдил судлаўды әмелге асырыў, әдил қарарлар қабыл етиў арқалы ҳаял-қызлар ҳәм мүлк ийелериниң нызам менен қорғалатуғын ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

 

ӨзА