АҚШ Иранның ядро объектлерине соққы берди

319

22-июнь таң азанда АҚШ авиациясы Фордо ҳәм Натанздеги ядро объектлерин бомбалады, деп жазды “New York Times”  Иран рәсмийлерине сүйенип. Президент Дональд Трамптың да бул мағлыўматты тастыйықлады:

– Биз Иранның үш ядролық объектине, соның ишинде, Фордо, Натанз ҳәм Исфахонга жүдә табыслы ҳүжимди жуўмақладық. Бул исти тек Америка армиясы әмелге асырыўы мүмкин еди.

Fox News”тиң жазыўынша, АҚШ ҳүжимде бункер бомбалары ҳәм “Tomahawk”  қанатлы ракеталарынан пайдаланған.

– Фордога соққы берилиўин күткен едик, – делинген Ислам Республикасы парламенти баслығының кеңесгөйи Меҳди Муҳаммадий тарқатқан билдириўде. Соның ушын объект эвакуацияланды. Үлкен зыян жоқ.

Бул ўақыя мәмлекеттеги ҳәр қыйлы сиясий топарлар тәрепинен түрлише баҳаланбақта. Мәселен, Республикашы конгрессмен Томас Масси екшемби күни партияласы Трамптың қарарын сынға алып, АҚШтың Иранға соққысы мәмлекет Конституциясына қайшы екенин айтқан.

Бир неше күн алдын Масси Трампқа Иран менен жеке өзи урыс баслаўын қадаған етиўши резолюцияны усыныс еткен.

Америкалы геосиясий аналитик Скотт Риттер де социаллық тармақтағы бетинде Иран ядро объектлерин бомбалаў қарары жүдә үлкен қәте екенлигин жазған:

– Президент Буштан кейинги ең ақмақшылық қарар. Бомбалар нышанға зыян жеткерген бе ямаса жоқ па, ҳәзирше билмеймиз. Израиль бул мәнзиллерди бир ҳәпте даўамында топтан оққа тутты. Көпшилиги буннан алдын зыян көрген ямаса ўайран болған. Ақыбетинде – машқаланы тыныш жол менен шешиўде исенимсиз бирге ислесиўимизди және бир мәрте көрсеттик. Мәселен, Россия енди бизге қалай исениўи мүмкин?!

Қәниге, сондай-ақ, Иранның бундай бузғыншы ҳәрекетке жуўабы алдыннан айтып болмайтуғын дәрежеде көриниўи мүмкин екенлигин атап өтти.

Бизге белгили, Израил 13-июньға өтетуғын түнде жасырын әскерий ядро бағдарламасын әмелге асырыўда айыплап, Иранға қарсы әмелият баслаған.

Өз гезегинде Ислам Республикасы ядролық жойбардың әскерий өзгешелигин бийкарлап келмекте.

18-июнь күни МАГАТЭ бас директоры Рафаэль Гросси агентлик қәнигелери Иран ядро қуралы бағдарламасын әмелге асырып атырғаны ҳаққында анық дәлил көрмегенин атап өткен.

CNN хабарына бола, АҚШ разведка жәмийетшилиги де, Трамп ҳәм Израильдың билдириўинен өзгешерек, Иран ядролық қурал жаратпақшы емес, деп есаплайтуғынын билдирген.

С.Раҳимов, ӨзА